Веб-сайтымыз арқылы дизимнен өтиң


ЖАҢАЛЫҚЛАР

Ден-саўлық тараўындағы соңғы жаңалықлар

+

Бүгин 28- апрель куни Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Өзбекстан Денсаўлықты саклаў хызметкерлери кәсиплик аукамы Қарақалпақстан Республикасы " Хамшира-2023" көрик…

Толық танысыў…

У.Халмуратов атындагы Республикалык көп тармаклы медицина орайында ислеп атырган 5-жыл мийнет стажына ийе 28-жастан аспаган билимили, зийрек, шаккан мийирбийкелер арасында…

Толық танысыў…

Бүгин Ораймызда абаданластырыў жумыслары даўам етип атыр. Ораймыз хызметкерлери тәрепинен кең көлемде шембилик жумыслары болып өтти. Шембилик даўамында 3 гектарға…

Толық танысыў…

ПАЙДАЛЫ МӘСЛӘҲӘТЛЕР

Денсаўлығыңыз ушын озиңиз қайғырың.

+
  • Балалар ҳәм өспиримлер гигенасина тийисли базы бир мағлыўматлар

    Шаңарақ инстутин буннан былай да беккемлеў ҳәм раўажландыриў, жас шаңарақлардың ҳуқықый және сотсияллық-економикалық мәплерин қорғаў ҳәм…

    Толық танысыў…
  • Көк шай ишиўдиң 10 себеби

    Көк шай тек шөлди басып ғана қоймастан, оның адам денсаўлығына да пайдасы бар екен. Шыпакерлер көк…

    Толық танысыў…
  • Қайсы балық ден саўлыққа ең пайдалы екенлигин билесиз бе?

    Краснодарлы илимпазлар ең пайдалы балықты анықлады, деп хабар береди rg.ru сайты. Олардың айтыўына қарағанда, инсан организми…

    Толық танысыў…
  • Ана сүтиниң баланың раўажланыўындағы әҳмийети

    Бала дүньяға келгенде биринши болып ана сүтинен дәм тартады. Баланың ана сүти менен азықланыў интеллектуаллық ҳәм…

    Толық танысыў…


Ең көп берилетуғын сораўлар
+

Астма бул дем алыў жолларының исиниў кеселлиги. Бул исиниўден кеселликтиң белгиллери пайда болады. Бул дем алыўдың қыйынласыўы, дем қысыўы, ысқырған шыйқылды пайда болыўы.
Балалардың бойының өсиўи оның денсаўлығы менен физикалық раўажланыўының көрсеткиши болып табылады. Дәслепки жылы бөпе 25 см-ге өссе, екинши жылы 10-12 см ге өседи. Еки жастан жынысый жетилсиўдиң дәўири басланыўына шекем, баланың бойы ҳәр жыл сайын 4 см ге өсиўи тийис. Бес жасқа шекем бой өсиўине қалқанша тәризли без гормонлары тәсир етеди. Ал жынысый жетилсиў басланғанда, жынысый гормонлар үстем болып, бой бирден өседи. Әдетте ер балаларда ол қыздардан еки жыл кейин жүреди. Қыз балалардың теңлес уллардан узын болатыныда сонлықтан. Жас өспиримлик дәўирде бой шама менен 20-25 см-ге өседи. Егер баланың бойының өсиўинде машқалалар болса, ата-аналары шыпакерлер көмегине сүйениўи мүмкин. Сондай-ақ, бой өсиўинде қатарларында артта қалыўға, генетикалық, туўма, эндокринли яки басқада себеплер, дурыс аўқатланбаў, витамин жетиспеўшиликлери болыўы мүмкин. Ал баланың бойының тез өсиўи генетикалық себеплерге байланыслы. Соның менен бир қатарда, бойдың бирден өсиўи ерте жынысый жетилсиў менен байланыслы болыўы итимал. Ерте жетилискен баланың бойы бирден өскени менен, бираз ўақыттан соң қатарласлары менен теңлесип, ҳәтте олардан бойы қысқада болыўы мүмкин.
А,В,С,Д груҳига кирувчи витаминлар хақида деярли барчамиз эшитганмиз ва биламиз. Лекин, «F» витамини ҳақида кўпчилик унчалик хабари бўлмаса керак. Хўш, у қайси маҳсулотларнинг таркибида бўлади? Нима учун зарур? Витамин «F» деб омега-3, омега-6 ва омега-9 га тегишли туйинмаган май кислоталари комплексига айтилади. Уларнинг асосий манбаъси ўсимлик ёғи ҳисобланади. Шуни эста сақланг, улар қайта ишланмаган, биринчи сиқиб олинган ёғ таркибида бўлади. Агарда у қовурилса ва қуёшда cақланса керакли «F» витамини олинмайди. Ўсимлик ёғидан бошқа тўйинмаган ёғлар сельд ва лосось, балиқ ёғи, ёнғоқ ва писта таркибида бўлади. Витамин «F» инсон организмида турли вазифаларни бажаради. Масалан, – Белоклар алмашувини яхшилайди; – Терига яхши таъсир кўрсатади; – Шамоллашга чек қўйади. Бундан бошқа у жигар фаолиятининг бузилиши натижасида юзага келган томир деворларида холестирин тўпланишига ва аллергик ҳолатларига йўл қўймайди. М.Чимбергенова.
Биз күнделикли турмысымызда нелерден шаршаймыз ҳәм нелерди уўайымлаймыз ямаса ашыўланамыз? Өмирде нервқа тәсир етиўши көплеген себеплер табылады. Усылардың бир нешеўин көрип шығып, алдын алыўға ҳәрекет етемиз. Кейпиятыңыз түсип, ёшыңыздың болмаўы асқазанның төмен жумыс атқарыўының белгиси ғана емес, ал иммунитет ҳәлсизлигинен пайда болатуғын басқада кеселликлердиң көриниси. Психологлардың айтыўы бойынша, егер сиз бәрқулла шаршап жүретуғын болсаңыз, буны өз күшиңиз бенен жеңе аласыз. Адам ҳәммесинен бурын өзиниң қандайда бир ўақыяларға болған қарым-қатнасынан шаршайды. Демек ең баслысы – ҳәзир еситкен информацияның жақсы тәрепин услап қалған мақул. Мәселен, телевизорда бүгиннен баслап күн суўытады дегенди еситсеңиз, бирден қапа болмай, оның орнына өзиңизди қуўантыўға ҳәрекет етиң. Себеби ҳаўаның райы ҳешкимниң кеўлине қарамаса керек. Демек қапа болғаныңыз өзиңизге ғана зыян. Ал бузылған нерв клеткалары қайта қәлпине келмейди. “Аўырыўдың қәдирин саў билмес” дегениндей, арзымаған нәрселерге кеўлиңиз толмағанын, адам аўырған ўақтында ғана бурын кеўли толмайтын нәрселердиң ҳәммеси арзымас нәрселер болып көринеди. Себеби “басқа түссе көнесиз” дегениндей, өмирге ҳәмме ўақытта унамлы көз қарас пенен қараў керек. 1-мәселе: Үлгили синдромы Нерв бузылыўына баслаўшы биринши жол – “мениң оннан қәйерим кем” сүрени. Әтирапымызда бизнесте әўмети келген, бирден байып кеткен, шаңарағына ҳәўес қылсаң арзыйтуғын адамларды көп көремиз. Сырттан қарағанымызда булар жүдә жақсы информациялар болып көринеди ҳәм бул жаңалыққа қуўанамыз, бирақ санамыздың түбинде булар нервқа тәсир етиўи мүмкин. Яғный, биз санасыз түрде үлгили болыўға ҳәрекет етип, қыялымыз арқалы өз алдымызға еплей алмайтуғын мақсетлерди қойып аламыз. Ол адамды қатты шаршатады. Ҳәм не ушын шаршап жүргениңизди де билмей қаласыз. Сонлықтан мақсет қойыў алдында өзиңиздиң жақсы тәреплериңизге, уқыплылығыңызға сәйкес келетуғын мақсетлерди қойған мақул. Мәселен, сиз ойламаған жерден атақлы кино жулдызды көрип қалдыңыз, сиз усы ўақытта өз исиңиздиң үлгили қәнигеси екениңизди еске алың. Ямаса әўметиңиз келген тәреплериңизди ойлаўға ҳәрекет етиң. Ең баслысы – өзиңизди өзиңиз жақсы баҳалаўыңыз керек. 2-мәселе. Адамларды қызғаныў Бул сизиң энергияңызды жойтатуғын ең жаман қәсийет. Биреўлердиң ерискен жеңисин қызғаныў, көре алмаў, өзиңизди айыплаў жақсы емес әлбетте. “Мен оннан да күшлимен” деп ойлаўдың астарында бәрибир “мен неге ондай бола алмадым” деген ой болыўы мүмкин. Егер бурыннан қызғаншақ адам болсаңыз, мәселени шешиў сәл қыйынлаў. Сонда да тәбият сулыўлығынан ләззат алыўға талпынып көриң. Сиз қызығып, қызғанып атырған адамныңда қолы жетпеген нәрселери бар екенин ойлап көриң. 3-мәселе. Өзиңизге исенбеў Қуры нерв бузыўдың тағы бир усылы – адамлардың сиз туўралы не ойлайтуғынына бас қатырыў ҳәм оларға жағыўға (унаўға) ҳәрекет етиў. Ҳәммеге жағыў мүмкин емес. Сиз жақсы адам болыўыңыз мүмкин. Бирақ ҳәр кимниң талғамы ҳәр түрли. Базы биреўлерге бәрибир жақпайсыз. Сонлықтан бул да қуры нервти бузыў. Сизиң жетискенликлериңиз бенен кемшиликлериңиз әтирапыңыздағыларға қызық болмаўы мүмкин. Сиз ҳаққында айтылған гәплер ўақыттың өтиўи менен умытылып кетиўи мүмкин. 4-мәселе. Қанаат етпеў “Иләжи жоқ нәрсе жоқ” деген пикир дурыс емес. Себеби “көрпеңе қарап аяқ узат” деген даналық сөз бар. Қолымыздағы нәрселерге шүкир етейик. 5-мәселе. Бәрқулла сақланып жүриў Қандайда бир нәрселерден қорқып жүриў де нервқа зыян. 6-мәселе. Бийғамлық Бийғамлықтың өзиде нервти бузады екен. Қәлеген ҳәрекеттиң 5 бөлими бар: мақсет, жоба (реже), орынлаў, бақлаў ҳәм баҳалаў. Усы бесеўдиң биреўинде ислей алмаған адам психологиялық жақтан стресске ушыраўы мүмкин. Интернет материяллары тийкарында таярланды.
Биз шәй ишиўде инглизлерден қалыспаймыз. Азанда ерте, түсте де, кешқурын да шәй ишемиз. Қыстың суўығында да, жаздың жәзийрама ыссысында да ең көп ишилетуғын ишимлик шәй есапланады. Ҳақыйқатында да, шәй бизге ҳәрдайым керек. Биз, қайнатып ишетуғын жапырақлы шай ишимлигин билемиз. Енди ойлап көриң, сол ишимликти шөллегенимизде де, аўқатланып атырғанымызда да, уйқыға жатыўдан алдын да ишеберсек организмимизге зыян емеспекен? Неге онда шыпалы ишимликлердиң бири болған шәйди қайта-қайта ишеберемиз? Аўқатқа қосып дерлик ҳәммемиз шәй ишемиз. Шәйдиң қурамындағы танин элементи болса, азық-аўқат өнимлеринде бар болған пайдалы затларды майдалап таслайды, нәтийжеде организмде витаминлердиң жетиспеўшшилиги жүзеге келеди. Шәй менен бирге желинетуғын гөштиң 40 пайыздан 100 пайызға шекем қанға сорылмаўы мүмкин. Мийўелердиң болса 5 пайызынан көби сорылмайды. Улыўма азық-аўқатлардың шәй менен желинетуғын аўқатлардың қурамында витамин ҳәм темир элементиниң 70 пайызы сорылмай қалады. Бул болса инсан саламатлығына әлбетте, кери тәсир жасайды. Ҳәзирги ўақытта дүньяда көпшилик инсанлар кем қанлық кеселлиги менен кеселленген. Бул кеселлик тийкарынан темир элементиниң жетиспеўшилиги себепли келип шығады. Темирге бай болған мийўе ҳәм палыз өнимлери, көк шөплерди жеў арқалы кем қанлық кеселлигинен сақланыўымыз мүмкин. Бирақ буларды шәй менен бирге жеў, витамин ҳәм темирдиң организмге толық жетип барыўына тосқынлық қылады. Журтымызда көп санлы халық, әсиресе, ҳаяллар ҳәм балалар темир жетиспеўшилигинен келип шығатуғын кеселликлерге шалынып атырғанлығы себепли, биз жейтуғын нан ҳәм нан өнимлерине де темир элементин қосыў, яғный, оны байытыў жолға қойылған. Бул кем қанлыққа қарсы гүреслердиң бири. Сиз нанды не менен жейсиз? Әлбетте, шәй менен. Бул болса жоқарыда айтып өткенимиздей темир элементи жоқ болған нанды жеў менен барабар десек болады. Және көпшилик адамлар жас балаға шәй берип, қәтеликке жол қояды. Үш жасқа шекемги балаларға шәй бериў қәте екенлиги медицинада дәлийлленген. Баланың шәйына шекер қосып бериў де натуўры. Балалардың жаслығынан аўқатланыў тәртибине итибар берип барыў лазым. Егер оның организминде темир жетиспеўшилиги жүз берсе, бул кейиншелли ақылый тәрептен де раўажланыўдан арқада қалыў қәўипин туўдырады. Саламлық ушын гүрес жолында аўқатланыў тәртибимиз, әсиресе, шәй ишиў әдетлерин өзгертириўимизге туўры келеди. Аўқатланып атырған ўақытта ямаса аўқатланып болғаннан соң, шәй ишпегениңиз мақул. Шәй орнында басқа ишимликлер мәселен, қайнаған суў ҳәм шербетлер ишиўиңизге болады. Бул мәсләҳәтлерден соң, шәй саламатлығымыз ушын зыян екен деген пикир туўылмасын. Шәйдиң организмимизге әҳмийети үлкен. Ол көплеп кеселликлер ушын пайдалы. Бирақ, палдың да азы мазалы. Шәйға пайдалы ишимлик сыпатында карап, оның муғдарына ҳәм ўақтына итибар қаратсақ, саламатлығымыз ушын пайдалы. Аўқатланғаннан ярым сааттан кейин ишилген шәй ҳәм кофе саламатығымыз ушын зыянлы емес. Саламатлық ҳәмме ушын керек ҳәм оны асырап қалыў өз қолымызда. Бул оншелли дәрежеде қыйын емес. Әпиўайы көринген нәрселерге тереңирек нәзер тасласақ, бәршесине ерисесиз. Келиң, шәйға ҳәм шәй ишиўге болган мүнәсибетимизди өзгертейик. Сахибжамал Есемуратова.
Ким болса да жаслығында ҳәм орта жасқа барғанда шашларының сийрексип түскенине ямаса ақ шаштың көбейип баратырғанына қыйналады. Әсиресе, ҳаял-қызларды бундай өзгерислер қатты ойландырады. Олар не ислерин билмейди. Бул орынлы да... Үлкен жастағы, сондай-ақ, ақыл мийнети менен шуғылланыўшы адамларда шашлардың ерте ағарыўы ҳәм түсиўиниң тезлесиўи таңқаларлық ҳәдийсе емес. Бирақ, ҳәзирги ўақытқа келип бул кеселлик жасларда да көплеп ушырасып атыр. Буның себеби неде? Оның алдын алыўға бола ма? Кеселликти емлеўдиң қандай жоллары бар? Бул сораўларға жуўап алыў мақсетинде Республикалық тери ҳәм венерик кеселликлери диспансериниң биринши категориялы дермато-венеролог шыпакери Роза Жалғасова менен сәўбетлестик. — Роза Жалғасова, шаш адамның көрки. Әлбетте, шаштың ерте түсиўи, әсиресе, жаслар ушын үлкен қолайсызлық туўдырады. Усындай қолайсыз жағдайға түспеў ушын не ислеў керек? Улыўма, шаш түсиўиниң алдын алыўға бола ма? — Бул саўалға жуўап берместен алдын шаш ҳаққында азғана мағлыўмат берип өтейин. Адам денесинде 90 мыңнан 300 мыңға шамалас шаш талалары болады. Шашлардың өмири ер адамларда 2-4 жыл, ал, ҳаял-қызларда 8-10 жыл әтирапында болады. Бул мүддет гә көбирек, гә азырақ болыўы мүмкин. Бул ҳәр бир адамның турмыс қәлпине, аўқатланыўына, ислейтуғын кәрине, жынысына, нерв системасы жағдайына, нәсиллик қәбилетине ҳәм шашларды дурыс тәрбиялаўына байланыслы болады. Негизинде шашлардың түсиўиниң еки физиологиялық ҳәм патологиялық түри бар болып, ол еркеклерде де, ҳаялларда да бирдей ушырасады. Патологиялық шаш түсиўинде шашлар бир тегис сийреклеседи. Ал, айрым жағдайларда шаштың ошақлы түсиўи де толық кеселликке алып келеди. Физиологиялық шаш түсиўи шаштың тәбий­ғый жағдайда түсиўи болып табылады. Ҳәр күнде адам орташа 60-100 шашын жоғалтады. Әдетте, жаңа өсип шыққан ҳәм түскен шашлардың саны бирдей болыўы керек. Шаш өмириниң орташа даўамлылығы 7 жыл. Дәслепки басқышларда шаш жиңишке болып, кейин жақсы ҳәм тез өсе баслайды. Бул дәўир 2-7 жыл даўам етеди. Ал, енди саўалыңызға келетуғын болсақ, еркеклерде ҳәм ҳаялларда ушырасатуғын шаш түсиўиниң тийкарғы себеплери төмендегилерден ибарат. Булар­ға организмдеги физиологиялық ҳәм гормонал өзгерислер, ҳәмиледарлық, баланы көкирек сүти менен азықландырыў, ҳаялларда климакс дәўири, гормонал дәрилерди қабыллаў, экологиялық жақтан жақсы болмаған орталықта жасаў, дәрилик препаратларды көплеп қабыллаў, нурланыў, газлер менен зыянлан­ған ҳаўадан дем алыў, зәҳәрли химиялық затлар менен жумыс ислеў (санаат кәрханаларында ислеў), ишимлик суўының сапасызлығы, шашты тез-тез химиялық усыллар менен бояў, буйралаў ҳәм буйра шашты жасалма түрде туўрылаў, азыў мақсетинде диета тутқанда аз ҳәм сапасыз аўқатланыў ақыбетинде организмге керекли болған витамин ҳәм минераллардың жетиспеўшилиги шашлардың түсиўине себепши болады. Стресс жағдайда вегетатив нерв системасының бузылыўы нәтийжесинде бас терисиндеги тамырлар тара­йып кетеди ҳәм олардың азықланыў процеси бузылады. Бул жағдай да шаштың түсиўине алып келеди. — Кеселликтиң биринши көринислерин қалай анықлаўға болады? — Буны тырнақ, тери ҳәм шашлардан сезиў мүмкин. Шашлар реңсиз ҳәм қурғақ, морт болып қалады. Кеселлик ўақтында емленбесе, шаш түсиў процеси күшейе береди. Кейни аўыр жағдайға: стресс ҳәм ҳәм нерв сис­темасының бузылыўына, бул процесс узақ даўам ететуғын болса, тамырлар нормал жағдайына қайтпай қалады. Нәтийжеде шашлардың көп түсиўине себепши болады. Себеби, шаш фоликуласының азықланыўы бузылады. Сондай-ақ, кеселлик хроникалық кеселликлер менен аўыр­ған, эндокрин кеселликлерге, қалқан тәризли без кеселликлери, мәйеклер поликистозы, пневмония ҳәм мерез кеселликлери менен аўырған наўқасларда дәрилерди өзлигинше пайдаланыў көбирек ушырасады. Себеби, дәрилердиң қурамындағы аўыр металл дузлар ҳәм селен сақлаған препаратлар шашларға ишти жүргизиўге тәсир көрсеткенлиги себепли, витамин ҳәм минераллардың сорылыўы бузылады. Сондай-ақ, шашты бояў, қурғатыў ҳәм фен менен көп муғдарда қурғатыў да шаштың көп түсиўине алып келеди. Узақ ўақыт парик тағып жүриў, шашты жуўыўшы шампунларды надурыс қолланғанда, қыс айларында жалаңбас жүриў ҳәм кофейнли ишимликлерди көп ишиў бастағы қан тамырларының спазмасына алып келеди. Бул шаштағы фоликулалардың жетерли азықланбаўына себеп болады. Тери тырнақ ҳәм шаштың ишки жағдайын көрсетип турады. Соның ушын шаш түскенде бул процесстиң биринши себебин жоқ етиў керек. — Улыўма алғанда, шаш түсиўиниң алдын алыўға, оны емлеўге бола ма? — Шаштың түсиўин емлеўде жоқарыда атап өтилген зыянлы тәсир көрсететуғын затларды қолланбаў өзиниң унамлы нәтийжесин береди. Биринши нәўбетте, наўқастың ишки кеселликлери анықланып, медициналық тексериўден өткериледи. Наўқастың кеселлигиниң түри анықланғаннан кейин оны емлеў басланады. Емлеўде поливитамин препаратлар, қосымша физиотерапия, дарсенвал, лазеротерапия, плазмалифтинг қолланылады. Енди шаш түсиўиниң алдын алыўға келсек, буның ушын дурыс аўқатланыў, кеселликлерден сақланыў, тарақ таңлаўда алжаспаў ҳәм шашқа азық болатуғын маскаларды тез-тезден қолланып турыў өзиниң унамлы нәтийжесин береди. — Ал, енди шаш ағарыўы неден болады? Ҳәзирги күнде ҳәтте балаларда да шаш ағарыўы жүз берип атырғаны тәшўишли жағдай емес пе! Оның қалай алдын алыў мүмкин? — Дурыс, гейпара ўақытларда жас балалардың да шашы ағарыўы мүмкин. Буны енди емлемес­тен алдын, себеплерин анықлап алыў керек. Мысалы, шашлар бир жерге топланып ағарған болса, бул онша қәўипли емес. Онда дермато-венеролог шыпакерге көриниў керек. Улыўма алғанда, балаларда шаш ағарыўының себеплери төмендегилерден ибарат: Биринши түри нәсил қуўалаў, ҳәрқандай кеселлик генлерге байланыслы. Негизинде бала организминде А,В,С,Е, В12 витаминлери, парабензой ҳәм фолевая кислоталарының жетиспеўшилиги шаш ағарыўына алып келеди. Екинши себеп, бул инсан организминде меланин пигментиниң жетиспеўшилиги себепли келип шығады. Меланин пигменти бул шашларды рең менен тәмийинлейди. Меланин пигментиниң искерлигиниң шегараланыўына түрли факторлар себеп болады. Буларға стресс, надурыс аўқатланыў, нәсил бейимшилиги, анемия, қалқан тәризли без ҳәм баўыр искерлигиниң бузылыўы, гормонал өзгерислер, дем алмаў, ишки ағзалардың кеселликлери ҳәм экологияның тәсири шашлардың ерте ағарыўына алып келеди. Шаш ағарыўының себеплери көп. Мәселен, стресс. Көпшилик балаларда стресс жағдайы болмайды деп ойлайды. Ҳаслында балада стресс ҳалатына түсиў ересек адамларға қарағанда көбирек болады. Стресс ўақтында бала организминде стресс гармонлары ислеп шығарылады, бул болса шаштың боялыўына жуўапкер меланацитлердиң меланин пигментин ислеп шығарыўын пәсейтип жибереди. Ақыбетинде шаш қурамында бос ҳаўа пайда болып, шаштың ағарыўы жүз береди. Соның менен бирге, ОРВИ яки тез-тез шамаллаў да шаш ағарыўына себеп болады. Балаларда қалқан тәризли без кеселлиги болса да усындай болыўы мүмкин. Аналар да ҳәмиледар ўақтында өзин жақсы қаратыўы керек. Мәселен, ҳәмиледарлық ўақытта қабылланған гейпара дәрилер де буның себепшиси болыўы мүмкин. Енди оның алдын алыўға келсек, ҳәмме кеселликти емлегеннен гөре, алдын алған анағурлым пайдалы екенлигин айтып өткенимиз орынлы. Шаш ағарыўы бир жерге топланбаған болса, қәўетерлениўге орын жоқ. Шашты жулмаў керек. Бала жаңа үзилген мийўелерди жеўди жақсы көретуғын болса, мийўе бериўди көбейтиң. Витамин комплекслерди бериў де пайдалы. Үлкен жастағы балаларға ҳәр күни петрушка тамырларынан шербет шай берип турыў керек. Сондай-ақ, емизиўли аналар өзин ҳәм балаларын стресс ҳалатынан сақлаўы керек. Өйткени, ана сүтинен де стресс гармонлары балаға өтеди. Жуўмақлап айтқанда, ҳәр биримиз шашларымызды дурыс күтип, тәрбиялап барыўымыз шәрт. Себеби, шашлардың пүтинлиги, тазалығы, өзине тән реңи ҳәм ийиси ҳәр бир адамның денесине сулыў шырай ҳәм көрик берип турады. — Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет? Сәўбетлескен: Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының өз хабаршысы.
Парацетамол дәриси жынысый гормонларға унамсыз тәсир етип, бийперзентликке ямаса ҳәмилениң раўажланыўында нуқсанлар қәўпин жоқарылатады. Бундай жуўмаққа Сан-Диегодағы Human Longevity шөлкеми алымлары келди. Изертлеўде 18 жастан жоқары 455 адам қатнасты. Буннан тысқары, анализге 1880 европалы егизек ҳәм афроамерика ямаса испан тамырларына ийе 1235 адам тексерилгенде алынған мағлыўматлар киритилген. Алымлар метаболизм (зат алмасыў) ушын әҳмийетли болған 700 бирикпе муғдары өзгериўин гүзеткен.
Пүткил дүнья жүзлик ден саўлықты сақлаў шөлкеми 4-февральда белгиленетуғын рак кеселлигине қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен алкоголь ҳәм бир қатар онкологиялық кеселликлер ортасындағы байланыс ҳаққында ескертиў жәриялады. Пүткил дүнья жүзлик ден саўлықты сақлаў шөлкеми атап өтиўинше, алымлар алкоголь рактиң кеминде 7 түрин келтирип шығарыўын анықлаған. Булар: қалың ҳәм жиңишке ишек раги, сүт бези раги, асқазан, кегирдек, баўыр, аўыз бослығы ҳәм тамақ раги.
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң мәлим етиўинше, Өзбекистан Республикасында ҳәр жылы 1,5 миллиард доллар, ал Қарақалпақстанда 1,5 миллион доллар қаржы қутырыў кеселлигине қарсы вакцина ушын сарыпланады. Өзбекистан бойынша 50-55 мың пуқара ҳәр жылы қутырған ийтлердиң жәбиркешине айланады, Қарақалпақстан Республикасында болса, 2017-жылы бул көрсеткиш 3 мың адамға жеткен. Быйылғы жылдың өзинде республикамыз пуқаралары бақлаўсыз қалдырылған ямаса басқаларға зыян жеткизген ийти себепли 103 миллион сум жәрийма төлеген.
Дем алыў жолларында көбинесе сыртқы тәсирлерге байланыслы аллергиялық исиниў белгилери пайда болады. Буларға: • Өсимлик шаңы • үй шаңы (шаңда жасаўшы кенелер, көпшиктиң пәри) • ҳайўан жүнлери, қуслардың пәрлери (пышық, ийт, қуслар) • айырым аўқатлық затлар • айырым химикатлық затлар (ҳаўа тазартыўшы аэрозоль, косметика, дезодорант, сабын, клей, бояўлар, бағшылықта пайдаланатуғын химикатлар, пестицидлер, дизель майлары ҳәм т.б.) • дәрилер (кобинесе аспирин, пенициллин, В группасы витаминлер ҳәм т.б.)

МӘСЛӘҲӘТ ПОЛИКЛИНИКАСЫ

У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орай мәсләҳат поликлиникасы Республикалық көп тармақлы медицина орайы 375 орынға мөлшерленген болып, бүгинги күнде…

Толық танысыў...