Балалар ҳәм өспиримлер гигенасина тийисли базы бир мағлыўматлар

Янв , 25 , 2019 265

Шаңарақ инстутин буннан былай да беккемлеў ҳәм раўажландыриў, жас шаңарақлардың ҳуқықый және сотсияллық-економикалық мәплерин қорғаў ҳәм қоллап қуўатлаўды кушейтиў бойынша алып барылып атырған ис илажларды сапа жағыннан жаңа басқышқа көтериў, физикалық жақтан саламат, руўхый жетик ҳәм ҳәр тәреплеме раўажланған нәўқыран әўладты тәрбиялаўда мәмлекетимизде көплеген реформалар әмелге асырылмақта.

Келешегимиздиң тырнағы билим дәргайларында жаратылады, басқаша айтқанда халқымыздың ертеңги куни қандай болыўы перзентлеримиздиң бүгин қандай тәлим ҳәм тарбия алыўына байланыслы екенлигин умытпаўымыз керек. ХИХ асирдиң ортасына келип «Мектеп гигийенасы» раўажлана баслады. 1954-жыдан баслап «Балалар ҳәм өспиримлер гигийенасы» деп атала баслады. Жас өспиримлик дәўир бул осиў дәўири есапланады. Сонлықтанда мектеп жасындағы балалардың күтимине итибар бериў арқалы бир қанша кеселликлердиң алдын алған боламыз. Өспирим жасындағы балалар бир ийинли папкалар арқалаўы апиўайы мысал болады. Сонлықтан мектептеги парта, стол, стулларды, тахтаны гигеналық қағыйдаларға бойсынған ҳалда жайластырыў лазым.

Мине соның ушын төмендеги мағлыўматларымызда оқыўшылардың ден саўлығына тийисли гейпара гигеналиқ талаплар ҳаққында сөз етпекшимиз. Балалар менен шуғулланыў ушын столларды төмендеги қағыйдаларға әмел қылған ҳалда қойыў мақсетке муўапық.

  • Столлар шептен жақтылық түсетуғын, айналы тәрепке қойыў.
  • Еки орынлы столлар 3-қатардан аспаўы керек.
  • Столлар арасындағы аралық 0, 5 метрден аспаўы керек.
  • Дийўалларға асылған доска (банер, плакат, көргизбе қураллар) бет көлеми 0, 71-1, 5 метр болыўы керек.

Көздиң гигеналық қағыйдалары. Ҳәзирги күнде көз айнек тағып атырған өспиримлерди к’оплеп ушыратамыз ҳәм бул не себептен келип шығады деген сораўға оның гигена қағыйдаларын толығы менен әмел қылмаў тийкарғы фактор болады. Сонлықтан төмендеги қағыйдаларға итибар бериўимиз керек.

  • Китап пенен көз арасы 30 см кем болмаўы керек.
  • Көз шаршап қалмаўы ушын 20-30 минут оқығаннан кейин 1-2 минут дем алдырыў узаққа қараў ҳ.т.б.
  • Жатып оқыў, транспорт қуралларында, аўқатланып атырып оқыў қадаған етиледи.
  • Парталарға оқыўшыларды бойына туўры келетуғын етип отырғызыў тийис, бунда кишкене бойлы ҳәм көзи әззи оқыўшыларды алдынғы парталарға 1-партадан 5-партаға шекем отырғызылады, ал басқаларын төмендеги қатардағы көрсеткишлер бойынша отырғызыў тийис.

Оқыўшының см де бойы
Партаның номери
110-119 6
120-129 7
130-139 8
140-149 9
150-159 10
160-169 11
170-179 12

Ал доска менен артқы парта (столл) арасы 8-9м болыўы керек. Досканы баслаўшы класлар ушын 80-85 см бийик, ал жоқарғы класларда 90-95 см де пол менен досканың арасы усы аралықта бийик болыўы тийис. Егерде усы қағыйдаларға бойсынбаса қәдди-қаўметтиң натуўры қәлиплесиўи бир неше түрли болады: ийилген , лордоз, кифоз, қақайған, сколиоз қәдди-қәўметлер болады. Қәдди-қәўметтиң бузылыўына тек ғана адамның сыртқы көриниси өзгерип қоймастан, соның менен бирге ол ишки органлар: өкпе, жүрек, баўыр, бүйрек, асқазан ҳәм ишек сыяқлылардың раўажланыўына да функтсиясына да кери тәсир жасайды.

Столл ҳәм стуллардың гигеник қағыйдалары.

Уйде сабақ таярлаўшылар ушын оқыўшының арнаўлы орны болыўы керек. Бул орын айнаға жақын жерде жайласқан, столл лампасы шети көк реңли қалпақлы болса мақсетке муўапық болады. Бойдың өсиўине қарап стол ҳәм стуллар төмендеги кестеге қарап отырғызылады.

Оқыў дәўирлери Стол (см) Стул (см)
Басланғыш класлар ушын 54-60 32-36
Орта класлар ушын 62-66 40-42
Жоқары класлар ушын 72-78 44-48

Таш ПМИ Нөкис филиали
Емлеў иси факултети студенти: Оңғарбаев.Д