Ким болса да жаслығында ҳәм орта жасқа барғанда шашларының сийрексип түскенине ямаса ақ шаштың көбейип баратырғанына қыйналады.
Әсиресе, ҳаял-қызларды бундай өзгерислер қатты ойландырады. Олар не ислерин билмейди. Бул орынлы да... Үлкен жастағы, сондай-ақ, ақыл мийнети менен шуғылланыўшы адамларда шашлардың ерте ағарыўы ҳәм түсиўиниң тезлесиўи таңқаларлық ҳәдийсе емес. Бирақ, ҳәзирги ўақытқа келип бул кеселлик жасларда да көплеп ушырасып атыр. Буның себеби неде? Оның алдын алыўға бола ма? Кеселликти емлеўдиң қандай жоллары бар? Бул сораўларға жуўап алыў мақсетинде Республикалық тери ҳәм венерик кеселликлери диспансериниң биринши категориялы дермато-венеролог шыпакери Роза Жалғасова менен сәўбетлестик.
— Роза Жалғасова, шаш адамның көрки. Әлбетте, шаштың ерте түсиўи, әсиресе, жаслар ушын үлкен қолайсызлық туўдырады. Усындай қолайсыз жағдайға түспеў ушын не ислеў керек? Улыўма, шаш түсиўиниң алдын алыўға бола ма?
— Бул саўалға жуўап берместен алдын шаш ҳаққында азғана мағлыўмат берип өтейин. Адам денесинде 90 мыңнан 300 мыңға шамалас шаш талалары болады. Шашлардың өмири ер адамларда 2-4 жыл, ал, ҳаял-қызларда 8-10 жыл әтирапында болады. Бул мүддет гә көбирек, гә азырақ болыўы мүмкин. Бул ҳәр бир адамның турмыс қәлпине, аўқатланыўына, ислейтуғын кәрине, жынысына, нерв системасы жағдайына, нәсиллик қәбилетине ҳәм шашларды дурыс тәрбиялаўына байланыслы болады.
Негизинде шашлардың түсиўиниң еки физиологиялық ҳәм патологиялық түри бар болып, ол еркеклерде де, ҳаялларда да бирдей ушырасады. Патологиялық шаш түсиўинде шашлар бир тегис сийреклеседи. Ал, айрым жағдайларда шаштың ошақлы түсиўи де толық кеселликке алып келеди. Физиологиялық шаш түсиўи шаштың тәбийғый жағдайда түсиўи болып табылады. Ҳәр күнде адам орташа 60-100 шашын жоғалтады. Әдетте, жаңа өсип шыққан ҳәм түскен шашлардың саны бирдей болыўы керек. Шаш өмириниң орташа даўамлылығы 7 жыл. Дәслепки басқышларда шаш жиңишке болып, кейин жақсы ҳәм тез өсе баслайды. Бул дәўир 2-7 жыл даўам етеди.
Ал, енди саўалыңызға келетуғын болсақ, еркеклерде ҳәм ҳаялларда ушырасатуғын шаш түсиўиниң тийкарғы себеплери төмендегилерден ибарат. Буларға организмдеги физиологиялық ҳәм гормонал өзгерислер, ҳәмиледарлық, баланы көкирек сүти менен азықландырыў, ҳаялларда климакс дәўири, гормонал дәрилерди қабыллаў, экологиялық жақтан жақсы болмаған орталықта жасаў, дәрилик препаратларды көплеп қабыллаў, нурланыў, газлер менен зыянланған ҳаўадан дем алыў, зәҳәрли химиялық затлар менен жумыс ислеў (санаат кәрханаларында ислеў), ишимлик суўының сапасызлығы, шашты тез-тез химиялық усыллар менен бояў, буйралаў ҳәм буйра шашты жасалма түрде туўрылаў, азыў мақсетинде диета тутқанда аз ҳәм сапасыз аўқатланыў ақыбетинде организмге керекли болған витамин ҳәм минераллардың жетиспеўшилиги шашлардың түсиўине себепши болады. Стресс жағдайда вегетатив нерв системасының бузылыўы нәтийжесинде бас терисиндеги тамырлар тарайып кетеди ҳәм олардың азықланыў процеси бузылады. Бул жағдай да шаштың түсиўине алып келеди.
— Кеселликтиң биринши көринислерин қалай анықлаўға болады?
— Буны тырнақ, тери ҳәм шашлардан сезиў мүмкин. Шашлар реңсиз ҳәм қурғақ, морт болып қалады. Кеселлик ўақтында емленбесе, шаш түсиў процеси күшейе береди. Кейни аўыр жағдайға: стресс ҳәм ҳәм нерв системасының бузылыўына, бул процесс узақ даўам ететуғын болса, тамырлар нормал жағдайына қайтпай қалады. Нәтийжеде шашлардың көп түсиўине себепши болады. Себеби, шаш фоликуласының азықланыўы бузылады.
Сондай-ақ, кеселлик хроникалық кеселликлер менен аўырған, эндокрин кеселликлерге, қалқан тәризли без кеселликлери, мәйеклер поликистозы, пневмония ҳәм мерез кеселликлери менен аўырған наўқасларда дәрилерди өзлигинше пайдаланыў көбирек ушырасады. Себеби, дәрилердиң қурамындағы аўыр металл дузлар ҳәм селен сақлаған препаратлар шашларға ишти жүргизиўге тәсир көрсеткенлиги себепли, витамин ҳәм минераллардың сорылыўы бузылады. Сондай-ақ, шашты бояў, қурғатыў ҳәм фен менен көп муғдарда қурғатыў да шаштың көп түсиўине алып келеди. Узақ ўақыт парик тағып жүриў, шашты жуўыўшы шампунларды надурыс қолланғанда, қыс айларында жалаңбас жүриў ҳәм кофейнли ишимликлерди көп ишиў бастағы қан тамырларының спазмасына алып келеди. Бул шаштағы фоликулалардың жетерли азықланбаўына себеп болады. Тери тырнақ ҳәм шаштың ишки жағдайын көрсетип турады. Соның ушын шаш түскенде бул процесстиң биринши себебин жоқ етиў керек.
— Улыўма алғанда, шаш түсиўиниң алдын алыўға, оны емлеўге бола ма?
— Шаштың түсиўин емлеўде жоқарыда атап өтилген зыянлы тәсир көрсететуғын затларды қолланбаў өзиниң унамлы нәтийжесин береди. Биринши нәўбетте, наўқастың ишки кеселликлери анықланып, медициналық тексериўден өткериледи. Наўқастың кеселлигиниң түри анықланғаннан кейин оны емлеў басланады. Емлеўде поливитамин препаратлар, қосымша физиотерапия, дарсенвал, лазеротерапия, плазмалифтинг қолланылады.
Енди шаш түсиўиниң алдын алыўға келсек, буның ушын дурыс аўқатланыў, кеселликлерден сақланыў, тарақ таңлаўда алжаспаў ҳәм шашқа азық болатуғын маскаларды тез-тезден қолланып турыў өзиниң унамлы нәтийжесин береди.
— Ал, енди шаш ағарыўы неден болады? Ҳәзирги күнде ҳәтте балаларда да шаш ағарыўы жүз берип атырғаны тәшўишли жағдай емес пе! Оның қалай алдын алыў мүмкин?
— Дурыс, гейпара ўақытларда жас балалардың да шашы ағарыўы мүмкин. Буны енди емлеместен алдын, себеплерин анықлап алыў керек. Мысалы, шашлар бир жерге топланып ағарған болса, бул онша қәўипли емес. Онда дермато-венеролог шыпакерге көриниў керек. Улыўма алғанда, балаларда шаш ағарыўының себеплери төмендегилерден ибарат:
Биринши түри нәсил қуўалаў, ҳәрқандай кеселлик генлерге байланыслы. Негизинде бала организминде А,В,С,Е, В12 витаминлери, парабензой ҳәм фолевая кислоталарының жетиспеўшилиги шаш ағарыўына алып келеди. Екинши себеп, бул инсан организминде меланин пигментиниң жетиспеўшилиги себепли келип шығады. Меланин пигменти бул шашларды рең менен тәмийинлейди.
Меланин пигментиниң искерлигиниң шегараланыўына түрли факторлар себеп болады. Буларға стресс, надурыс аўқатланыў, нәсил бейимшилиги, анемия, қалқан тәризли без ҳәм баўыр искерлигиниң бузылыўы, гормонал өзгерислер, дем алмаў, ишки ағзалардың кеселликлери ҳәм экологияның тәсири шашлардың ерте ағарыўына алып келеди.
Шаш ағарыўының себеплери көп. Мәселен, стресс. Көпшилик балаларда стресс жағдайы болмайды деп ойлайды. Ҳаслында балада стресс ҳалатына түсиў ересек адамларға қарағанда көбирек болады. Стресс ўақтында бала организминде стресс гармонлары ислеп шығарылады, бул болса шаштың боялыўына жуўапкер меланацитлердиң меланин пигментин ислеп шығарыўын пәсейтип жибереди. Ақыбетинде шаш қурамында бос ҳаўа пайда болып, шаштың ағарыўы жүз береди.
Соның менен бирге, ОРВИ яки тез-тез шамаллаў да шаш ағарыўына себеп болады. Балаларда қалқан тәризли без кеселлиги болса да усындай болыўы мүмкин.
Аналар да ҳәмиледар ўақтында өзин жақсы қаратыўы керек. Мәселен, ҳәмиледарлық ўақытта қабылланған гейпара дәрилер де буның себепшиси болыўы мүмкин.
Енди оның алдын алыўға келсек, ҳәмме кеселликти емлегеннен гөре, алдын алған анағурлым пайдалы екенлигин айтып өткенимиз орынлы. Шаш ағарыўы бир жерге топланбаған болса, қәўетерлениўге орын жоқ. Шашты жулмаў керек. Бала жаңа үзилген мийўелерди жеўди жақсы көретуғын болса, мийўе бериўди көбейтиң. Витамин комплекслерди бериў де пайдалы. Үлкен жастағы балаларға ҳәр күни петрушка тамырларынан шербет шай берип турыў керек. Сондай-ақ, емизиўли аналар өзин ҳәм балаларын стресс ҳалатынан сақлаўы керек. Өйткени, ана сүтинен де стресс гармонлары балаға өтеди.
Жуўмақлап айтқанда, ҳәр биримиз шашларымызды дурыс күтип, тәрбиялап барыўымыз шәрт. Себеби, шашлардың пүтинлиги, тазалығы, өзине тән реңи ҳәм ийиси ҳәр бир адамның денесине сулыў шырай ҳәм көрик берип турады.
— Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет?
Сәўбетлескен: Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,
«Еркин Қарақалпақстан» газетасының өз хабаршысы.