Көк шай ишиўдиң 10 себеби

Янв , 25 , 2019 265

Көк шай тек шөлди басып ғана қоймастан, оның адам денсаўлығына да пайдасы бар екен. Шыпакерлер көк шайдың жүрек-қан тамыр ҳәм организмдеги ҳәр түрли кеселликлердиң алдын алатуғынын айтады. Бүгин биз сизлерге көк шай ишиўдиң 10 себебин усынамыз. Олар төмендегише:

  1. Көк шай шөлди тез басады;
  2. Семизлик пенен гүреседи;
  3. Өмириңизди узайтады;
  4. Депрессияның алдын алып, мийдиң искерлигин жақсылайды;
  5. Қан басымын төменлетеди;
  6. Өкпени тазалайды;
  7. Баўырды алкогол ишимликлерден қорғайды;
  8. Тистиң шириўиниң алдын алады;
  9. İммунитетти күшейтеди;
  10. Организмдеги суў балансын қәлпине келтиреди.