Пияздың пайдасы ҳәм түрлери ҳаққында мағлыўматлар

Янв , 25 , 2019 265

Турмысымызда пиязсыз аўқатты көз алдымызға келтириў қыйын. Витаминлерге бай пияздың пайдасы ҳаққында мағлыўматларды усынамыз.

Домалақ пияз

Домалақ пияз тәбийий антибиотик болып табылады. Ол зат алмасыўды тезлестирип, ас сиңириўди жақсылап, артериал басымды қәлпине келтириўге де пайдасы бар. Пияз суўы – грипп, уйқысызлық сыяқлы кеселликлерге қарсы гүреседи. Ол адамға зәрүр сийрек елементлер – марганетс, мыс, кобалт ҳәм молибденге жүдә бай.

Көк пияз

Көк пияз тийкарынан әпиўайы пияз жапырақлары. Көк пиязда – Ц ҳәм Б1 витаминлерине жүдә бай. Қәлеген пияздың қурамындағы хлорофилл аўқаттың сиңиўине жақсы тәсир етеди.

Сопақ баслы пияз

Сопақ баслы пияз көк пиязға қарағанда жумсақ, ҳәм салыстырмалы түрде мазалылырақ дәми болады. Ол калийге жүдә бай.

Ескертиў: Пайдалы екен деп пиязды ҳәдден тыс қолланыўға болмайды. Егер сизде ас сиңириў жолының жарасы болса, яки нервтиң шығыўына бейим болсаңыз пиязды көп пайдаланыў сизге кери тәсир етиўи мүмкин.