Оразымбет Халмуратовтың ҳүрметине музей шөлкеместирилди.

Мар , 01 , 2020 265

О.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайында қарақалпақстанлы шыпакерлердиң устазы марҳум Оразымбет Халмуратовтың ҳүрметине музей шөлкеместирилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы   Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мəлимлеме хызмети мəлим етти.

Күни кеше усы музей ҳəм  медицина орайының алдында бой тиклеген устаз шыпакердиң бюстиниң сатанатлы ашылыў мəресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы  Жоқары Кеңеси Баслығының орынбасары А.Хамраев, Қарақалпақстан Республикасы   Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев, академик Ж.Базарбаев, Өзбекстан Шыпакерлер Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң  баслығы Ә.Мәмбеткаримов ҳәм О.Халмуратовтың жақын туўысқанлары қатнасты.

Атап өтилгениндей, быйыл туўлғанына 120 жыл толып атырған Оразымбет Халмуратов Қарақалпақстан медицинасының раўажланыў тарийхында үлкен орынға ийе. Ол үлкемиздиң дәслепки шыпакери есапланып, қарақалпақстанлы кейинги буўын шыпакерлери оны өзине руўхый устаз, деп биледи. Шынында да ол усы сый-ҳүрметке ылайық. Себеби, оның халқмыздың арасында шын мəнисиндеги əпсанаға айланып, «Халмурат доктор», «Қанатлы доктор» деген атлар менен аталғаны да тосыннан емес.

Салтанатлы ашылыў мəресими даўамында жыйналғанлар О.Халмуратовқа арналған музейде шыпакердиң өмир жолын ҳәм нəтийжели жумысын сәўлелендириўши экспонатлар менен жақыннан танысты ҳəм медицина орайының мәжилислер залында шыпакердиң юбилейине байланыслы жыйнаыс шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы  Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети