У.Халмуратов атындағы Республика көп тармақлы емлеўханада басшы лаўазымда ислеп атырған ҳаял-қызларды таныйсыз ба …

Мар , 09 , 2023 265

У.Халмуратов атындағы Республика көп тармақлы емлеўханада бүгинги күнде жети жүзден аслам медицина тараў хызметкерлери жумыс алып барады. Ҳәзирде емлеўханада 662 ҳаял-қызлар, халқымызға медициналық хызмет көрсетип келмекте. Бүгинги күде усы республикалық көп тармақлы емлеўхананың ҳаял-қызлардан қуралған басшы шыпакерлерин, байрам мүнәсибети менен сизге жақыннан таныстырып өтпекшимиз.

 Емлеўхана бас шыпакериниң “Экономикалық ҳәм улыўма ислер” бойынша орынбасары Ергалиева Майра Максутовна.

 Емлеўхананың “Ревматология” бөлими баслығы, тәжрийбели шыпакер Дальжанова Замира Матжановна 2006-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. 

 Емлеўхананың “Қабыллаў” бөлими баслығы, Бегжанова Тамара Алланиязовна 2019-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. 

 Емлеўхананың “Ишки дәрихана” бөлими баслығы, Омарова Гүльназ Алланиязовна 2010-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. 

 Емлеўхананың “Мәсләҳәт поликлиникасы” басқарыўшысы, Ережепова Мийргуль Жугинисовна 2008-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. 

 Емлеўхананың “Пульмонология ҳәм аллергология” бөлим баслығы, тәжрийбели шыпакер, Мамбеткаримова Гүлжәхан Абдикаримовна 2016-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте . 

 Емлеўхананың “Нефрология” бөлим баслығы, Халмуратова Рая Назарбаевна 2013-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. 

 Емлеўхананың “Физиотерапия” бөлими баслығы, Ганиева Тазагүл Бегдуллаевна 2008-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. 

 Емлеўхананың “Клиник-диагностик лаборатория” бөлим баслығы, Хаджиева Насиба Шамуратовна 2011-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. 

 Емлеўхананың “Гематология” бөлими баслығы,тәжрийбели шыпакер, Алмаганбетова Улбосын Қартжановна 2008-жылдан берли усы лаўазымда жумыс ислеп келмекте. “Ўатан пидайысы” көкирек белгиси нышаны ийеси. 

 Ҳаял-кызлар шаңарақта, жәмийетте белгили орынға ийе, олар өз касибиниң пидайылары болып халқымызға хызмет етип келмекте. Бүгинги 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы менен бәрше ҳаял-қызларымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлап,оларға шаңарақларында аўызбиршилик ҳәм беккем денсаўлық тилеп қаламыз.