Наўрыз Байрамы Қутлы Болсын!

Мар , 17 , 2023 265

Бүгин Ораймызда 21-март Наурыз Байрамы алдиннан басланып кетти .Әсиресе байрамның өзине мас тағамы есапланған сүмелек қайнатылып, кеўиллер қуўанышқа толмақта.Наўрыз байрамы қуўанышлары болып өтпекте. Емлеўхана әтираплары абаданластырылып,мийўе нәллери ҳәм гүллер егилди. Бүгин медицина хызметкерлери тәрепинен сүмелек ҳәм палаў тағамлары таярланып, емлеўханада емленип атырған наўқасларга тарқатылды.

Жаңаланыў ҳәм жасарыў байрамы болған Наўрыз халқымыздың ҳәр жылы,  жыл даўамында асығып күтетуғын улыўма халықлық байрамларының бирине айланды.  Ғәрессизлигимиздиң дәслебинен баслап миллий байрамымыздың қайта тиклениўи,  халқымыздың әзелден бир биреўге меҳир мүриўбетли,  қайыр сақаўат ҳәм кең пейилли сыяқлы пазыйлетлерин мазмун ҳәм мәнис жағынан анағурлым дәрежеде байытты.  Жасларымыздың милийлигимизге,  үрип әдет ҳәм салт дәстүрлеримизге болған ҳүрмет ҳәм итибары артып ўзлигимизди бүгин дүняға танытпақтамыз. 

Сол мүнәсебет пенен У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайында да Наўрыз кешеси өткерилмекте.