Бүгин елимизде «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки» сүрени астында улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилип атыр.

Мар , 18 , 2023 265


Бүгин Ораймызда абаданластырыў жумыслары даўам етип атыр. Ораймыз хызметкерлери тәрепинен кең көлемде шембилик жумыслары болып өтти. Шембилик даўамында 3 гектарға шамалас әтирап¬-аймақтағы жерлерде абаданластырыў ҳәм көкелемзарластырыў жумыслары болып өтти. Күн даўамында 1,5 тонна шығындылар арнаўлы техникалар жәрдеминде шығарып тасланды.
150 түп мийўе нәллери , 600 түп гүл нәллери, 200 түп саяманлы нәллер егилди.
250 ден аслам мийўе ҳәм саяманлы тереклерге қайта ислеў берилди.