Қарақалпақстанда «Мийирбийке-2019» таңлаўының жеңимпазлары анықланды

Апр , 29 , 2019 265

Нөкисте «Мийирбийке-2019» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти. Онда қалалық, районлық ҳәм арнаўлы медицина мәкемелеринде өткерилген басқышларда жеңимпаз болған 22 мийирбийке қатнасып өз-ара беллести.

Мийирбийкелер беллесиўи үш шәрт бойынша әмелге асырылды. Шәртлерде мийирбийкелердиң медицина тараўы бойынша теориялық билимлери әмелий жақтан сынақтан өтти. Таңлаў шәртлериниң орынланыўы қәнигелер тәрепинен баҳаланып барылды. Жарыс жуўмағында Республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў балалар санаториясының мийирбийкеси Дилбар Сапарбаева биринши, Кегейли районлық медицина бирлеспесиниң мийирбийкеси Салтанат Жолдасбаева екинши, Елликқала районлық медицина бирлеспесиниң мийирбийкеси Шахноза Бегжанова үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм қымбат баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги