АИВ инфекциясы менен АИЖС айырмашылығы ҳаққында

Янв , 25 , 2019 265

Егер адамның қанында адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы анықланса – бул АИВ инфекциясының бар екенлиги. Бул жағдай өз алдына бир кеселлик болып, ол он жыллықларға созылыўы мүмкин ҳәм анық белгилери, басқышларына ийе болады.

АИВ инфекциясының соңғы басқышы – арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы (АИЖС). Бул – гепатит пенен аўырған адамның баўыр циррозы терминал басқышындағыдай жағдай. Яғный, АИВ инфекциясы анықланған адамды «АИЖС пенен кеселленген», деп атаў, ол адам ушын аўыр тийетуғынлығынан емес, ал улыўма надурыслығынан дерек береди.

Көп берилетуғын сораўлар ҳәм оған жуўаплар:

— Қанымда АИВ инфекциясы вирусы бар екенлигин билместен, оның менен кеселленген болыўым мүмкин бе?

— Аўа. АИВ вирусына өткерилген тесттиң нәтийжеси жақсы шыққан болса да – сизиң аўырыўды жуқтырмағаныңызға кепиллик бермейди. АИВ инфекциясында «айна дәўири» болып, стандарт анализлеў арқалы анықланатуғын қандағы вирусқа антитела пайда болмаған дәўири. Олардың лабораториялық диагностикаға жетерли муғдардағы синтези бир неше ҳәптеден ярым жыл ўақытты қурайды (орташа 3 ай).

Әдетте, АИВ инфекциясы «айна дәўири» тамам болғаннан кейин өзи ҳаққында билдирип баслайды: ол лимфа түйинлериниң үлкейиўи, дене температурасының азлы-кем көтерилиўи, аязлаў белгилери көринсинде болады.

— АИВ инфекциясын толық емлеўге болама?          

— Жоқ. Ҳәзирги ўақытта жер жүзи бойынша бир қанша үлкен лабороториялар келешекте дүнья жүзинде АИВ эпидемиясын тоқтатыўға жәрдем бериўши дәри-дармақ ҳәм вакциналарды ислеп шығыў ҳәм клиникалық сынаўлардан өткериў менен шуғылланбақта.

Фармацевтикалық препаратларды ойлап табыў  ўақтынан баслап сатыўға шығараман дегенше 10-15 жыл ўақыт өтеди, себеби  олардың нәтийжели ҳәм қәўипсиз екенлигине исеним кәмил болыўы керек. Соның ушын үмит бар, бир қанша ўақытлардан кейин бул аўырыўдан қутылыўға жер жүзи адамларының имканияты жететуғын болады.

Солай болса да, егер АИВ инфекцияланған адамлар өзлериниң жағдайын билип, өз ўақтында емленсе, вирус қадағалаў астында болар еди: наўқаслар саны көбеймес еди, ал жүз жылдан соң (ең кейинги аўырыў жуқтырған адам тәбийғый өлгеннен соң) кеселлик жер жүзинен пүткиллей жоқ болып кетер еди.

Эльмира Гүлимбетова

Қарақалпақстан Республикасы АИЖСқа

қарсы гүресиў орайы аноним ханасы шыпакери