Усы жыл 6-март күни Нөкис қаласында 8-март-Ҳаял қызлар байрамынан бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, жыйналғанларды 8-март-Ҳаял қызлар байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, аналықты ҳәм балалықты қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, шаңарақ институтын беккемлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Пәрманға муўапық жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсендилик ҳәм инта көрсеткен, өзиниң жемисли мийнети менен шаңарақтың қәлиплесиўине ҳәм абаданлығының беккемлениўине, аналықты ҳәм балалықты қорғаўға мүнәсип үлес қосқан ҳаял-қызларға «Мўътабар аёл» көкирек белгиси шөлкемлестирилди. Быйылғы жылы республикамыздан 18 ҳаял-қыз усы сыйлыққа мүнәсип деп табылды. Солардың қатарында Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесине ӨзМТДПдан сайланған депутат, Далымбетова Алмахан апамызда сыйлықланды.
Алмахан апаны У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайы атынан қутлықлаймыз ҳәм жумысларында тасқын табыслар тилеймиз!
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси