Гүз айларында писип жетилискен мийўе-палыз өнимлерин консервалаў арқалы, қыс ҳәм ерте бәҳәр айларына усы азық-аўқаларды азықлық қоры сыпатында ғамластырамыз. Әлбетте қыс ҳәм ерте бәҳәр айларында витамин ҳәм минерал элементлерге бай азық-аўқатларды қабыллаў ден-саўлығымызға жүдә зәрүр болып есапланады. Бирақ, сол азық-аўқатлық затларды қабыллаўымыз нәтийжесинде аўқаттан зәҳәрлениў, әсиресе «Ботулизм» кеселлигине шатылыў қәўипин пайда етеди.
Аўқаттан зәҳәрлениў кеселлигиниң ең аўыр түри бул «Ботулизм» кеселиги болып есапланады.
Ботулизм кеселлиги – өткир ҳәм жүдә аўыр токсикоинфекция түрине кирип, адам организиминиң орайлық нерв системасын зыянландырыўшы ҳәм жоқары өлим көрсеткиши менен кешетуғын кеселлик есапланады.
Ботулизм қозғатыўшысы – бир ғана микроб болмастан, ал «clostridium» түрине кириўши, морфологиялық ҳәм биохимиялық қурамы бойынша бир-бирине уқсас қозғатыўшылар қурайды. Ботулизм атамасы лат. «botolus» — колбаса, ертеде бул кеселлик колбасаны жегенннен соң жүз бергени менен байланыслы.
Кеселликтиң тийкарғы дереги отхор ҳайўанлар, кемириўшилер, айырым қуслар ҳәмде суўық қанлы ҳайўанлар, балық, қысқышбақа тәризлиллер болып, қозғатыўшы ҳайўанлар ишегинде көбейеди ҳәм дәрети менен сыртқы орталыққа түсип, топырақты, шөплерди, суўды ҳәм олар арқалы палыз егинлерин зыянлайды. Қозғатыўшы кислородлы шәраятта споралар пайда етеди.
Ботулизм қозғатыўшылары палыз егинлеринен ҳәр түрли консервалар таярлаў процессинде санитария қағыйдаларына әмел етилмегенде азық-аўқат өнимлерине түседи ҳәм қолай шәраятта, мәлим температурада, ҳәрекетшең формаға өтип бир неше саат (10-12 саат) ишинде зәҳәр (токсин) ажратады.
Кеселлик қозғатыўшысы ҳәрекетшең, қатаң анаэроб ботулизм таяқшалары есапланады, яғный ҳаўасыз орталықта вегетатив формалары өзинен ботулотоксин (зәҳәр) ислеп шығарады, нәтийжеде адамлар зәҳәрленген консерваны қабыллаў нәтийжесинде организимде өткир зәҳәрлениў жүз береди. Ботулотоксин зәҳәри нервти параличлеў қәсийетине ийе болып, орайлық мийдеги дем алыў ҳәм жүрек искерлигине жуўап бериўши орайды блоклаўы нәтийжесинде, наўқастың өлимине алып келиўи мүмкин.
Ботулизм токсини өнимниң сыртқы көринисин, реңин, дәмин, ийисин өзгеритпеўи мүмкин. Базыда консервалар қақпақлары бираз дүмпейип көтерилип турады. Бул медицина тилинде «бомбаж» делиниб, бул жағдай болса консерва өниминиң зыянланғанлығынан дерек береди.
Кеселлик белгилери: Ботулизм дәслеп жасырын кешеди, ол 12-24 сааттан бир неше күнге шекем созылыўы мүмкин. Жасырын дәўирдиң қаншаға созылыўы, кеселликтиң қандай кешиўи тийкарынан адам организмине түскен ботулизм қозғатыўшысы зәҳәриниң муғдарына байланыслы. Әдетте кеселлик тосаттан басланады: наўқастың иши қатады, бас аўырыў, бас айланыў ҳәм базыда жүректиң «тоқтап қалғандай» сезиледи. Буннан басқа, наўқастың аўзы қурғайды, ҳәлсизленеди. Соған қарамастан дене температурасы көтерилмейди. Соң ботулизмге тән белгилер: Ботулотоксин параличи нәтийжесинде, көриў нервин блоклап, адамда көзи қараңғыласып баратырғандай, көз алдында думан яки «тор» пайда болып атырғаны, затлар еки еселенип көриниўи, буннан басқа наўқаста көздиң қыйсайыўы, көз қарашығының кеңейиўи сыяқлы белгилер бақланады. Наўқас бир затты оқығанда қатарлар ҳәм ҳәриплер «секирип» кетиўинен де арыз етеди. Көзди ҳәрекетке келтириўши нерв хызметиниң бузылыўы нәтийжесинде наўқастың үстиңги қабағы төменге түсип қалады. Наўқастың бет жүзи, тили бир тәрепке тартылып кетеди.
Жоқарыдағы белгилер менен бирге наўқас сөйлеўге ҳәм жутыныўға қыйналады. Наўқастың даўысы буўылып шығады, сақаўланып сөйленеди.
Ботулизмде зәҳәр тәсиринде жүрек-қан тамыр системасы ҳәм мийдеги дем алыў орайына аўыр зыянын тийгизиўи нәтийжесинде наўқастың өлимине себепши болады.
Емлеў: «Ботулизм» кеселлигин ҳеш қашан үй шәраятында емлеўге болмайды, егерде адам өзинде я жақынларында жоқарыда көрсетилген кеселлик белгилерин сезсе, дәрҳал жақын турған емлеў профилактика мекемесине жолығыўы лазым. Ботулизм кеселлиги жуқпалы емес, яғный бир адамнан басқа адамға жуқпайды. Тек зыянланған азық-аўқатты жеў арқалы адамға өтеди.
Наўқасты емлеў нәтийжелиги, оған қанша ертерек қанына сорылған токсин(зәҳәр)ди нейтраллаў ушын ботулизм анатоксини яки сывроткасы жиберилиўине байланыслы. Қозғатыўшы түри анықланған жағдайда моновалент, анықланбаған жағдайда поливалент сывроткасы жибериледи.
Қосымша наўқастың асқазан ҳәм ишеклеринде сорылмай қалған ботулизм микроблары ҳәм зәҳәрлеринен тазалаў ушын 2,5 % ли сода яки 0,5 % танинниң жыллы суўдағы еритпеси менен асқазан зонд жәрдеминде жақсылап шайылыўы лазым. Және де тынышландырыўшы дәрилер, ишеклерге клизмалар қолланылады.
Ботулизм кеселлигиниң мәлим түрдеги азық-аўқатларды қабыллаў менен байланысы.
Бизиң республикамызда ботулизм менен кеселлениў қыс ҳәм бәҳәр мәўсимлеринде үй шәраятында таярланған консерваланған өнимлер(мариновкаланған помидор, қыяр, патиссон, баклажан икрасы ҳәм ерик қайнатпалары ҳ.т.б)ин қабыллаў нәтийжесинде ушырасады. Үй шәраятында консерва таярлағанда консерваланған өнимлер Cl.botulinumспораларынан толық азат болмайды. Және де усындай консервалардан төмен кислоталықтағы консервалар қәўипли болып, оларда Cl.botulinum споралары раўажланыўына кең имканият пайда болады.
Ботулизм токсини өнимниң сыртқы көринисин, реңин, дәмин, ийисин өзгеритпеўи мүмкин. Базыда консервалар қақпақлары бираз дүмпейип көтерилип турады. Бул медицина тилинде «бомбаж» делинеди. Бул консерва ботулизм қозғатыўшысы менен зыянланғанлығынан дерек береди. Себепи ботулизм қозғатыўшылары өзлеринен газ ажратады. Бундай консерваларды қабыл қылыў инсан өмири ушын жүдә қәўипли.
Сондай-ақ, дийхан базары аймағында тез бузылыўшы азық-аўқат өними қатарына кириўши кондитер (торт, пирог, рулет ҳ.т.б) өнимлери ашық ҳаўада, витринасыз сатылыўы усы өнимниң сапасының тез өзгериўине, кеселлик қозғатыўшы микроблар көбейиўине қолайлы шәраят жаратады. Нәтийжеде, бул өнимди қабыллаған адамда өткир асқазан-ишек кеселлиги пайда болыўына себепши болады.
Мүддети өткен, сапасы ҳәм қәўипсизлиги тастыйықланбаған, сапасына гүмән туўдыратуғын азық-аўқат өнимлери Сизиң ден-саўлығыңызға кери тәсир етиў итималы жоқарырақ болыўын есапқа алған халда, аўқаттан зәҳәрлениўдиң алдын алыўда пуқараларға төмендегилерге итибар бериўи соралады:
Дийхан базарларда, саўда комплекслери ҳәм көше бойларында жеке пуқаралар тәрепинен үй шәраятында таярланған, сапасы ҳәм қәўипсизлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлери болмаған азық-аўқат өнилерин сатып алмаў ҳәм қабылламаў;
Саўда орынларынан азық-аўқат өнимлерин сатып аларда, олардың этикеткасындағы мағлыўматларына, сапасы ҳәм қәўипсизлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлери (муўапықлық сертификаты яки санитария-эпидемиологиялық жуўмағы), сақлаў шәраятларына, сақлаў мүддетлери барлығына итибар бериўди;
Базарларда ҳәм саўда комплекслери ҳәм көшелерде жеке пуқаралар тәрепинен үй шәраятында таярланған консерва өнимлери, ҳәр түрли салатлар ҳәм дузламаларды сатып алмаң ҳәм қабылламаң;
Улыўма аўқатланыў орынларын(кафе, ресторан)да үй шәраятында таярланған, сапасы ҳәм қәўипсизлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлери болмаған консерва өнимлерди қабыллаўдан сақланың;
Той-мерекелеримиз тыныш өтиўи, келген қонақларымыздың саламатлығын сақламақшы болсақ, той дәстүрханларына үй шәраятында таярланған консерва өнимлерин, ҳәр қыйлы майонезли ҳәм тез бузылыўшы салатларды қоймаң;
Ашық ҳаўада, витринасыз шәраятта сатылып турған кондитер (торт, пирог, рулет ҳ.т.б) өнимлерин сатып алмаўыңызды, бул өнимлерди тек арнаўлы шәраятта сатылып турған турақлы саўда орынларынан сатып алыўыңызды;
Өзиңизде ҳәм жақынларыңызда қандайда кеселлик белгилерин сезсеңиз дәрҳал шыпакерге жолығыўыңызды сорап қаламыз.
Ҳүрметли пуқаралар өзимиз ҳәм жақынларымыздың саламатлығын сақлаў өз қолымызда екенлигин естен шығармайық!
Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайы
Аўқатланыў гигиенасы бөлими санитария врачы: Ф.Ажимов