Жаңаланыў ҳәм жасарыў байрамы болған Наўрыз халқымыздың ҳәр жылы, жыл даўамында асығып күтетуғын улыўма халықлық байрамларының бирине айланды. Ғәрессизлигимиздиң дәслебинен баслап миллий байрамымыздың қайта тиклениўи, халқымыздың әзелден бир биреўге меҳир мүриўбетли, қайыр сақаўат ҳәм кең пейилли сыяқлы пазыйлетлерин мазмун ҳәм мәнис жағынан анағурлым дәрежеде байытты. Жасларымыздың милийлигимизге, үрип әдет ҳәм салт дәстүрлеримизге болған ҳүрмет ҳәм итибары артып ўзлигимизди бүгин дүняға танытпақтамыз.
Сол мүнәсебет пенен У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайында да Наўрыз кешеси өткерилмекте.
Ата бабаларымыздан бизгеше жетип келген Наўрыз гўже тағамы бүгин ҳәр бир мәҳәлле кўшелеринде писирилип, турғынлар Наўрыз гўже дәмин татпақта. Тийкарынан жети түрли қоспалардан таярланатуғын бул тағамның дәми бүгин ўзгеше. Сондай-ақ Сүмелек сейиллери, басқада түрли илажлар менен спорт жарысларыда ўз кўринислерин таўып атырған байрам тамашалары пүткил халқымызды үлкен қуўанышқа бўлеп атыр. Барлық турғынлар бул байрамға белсене қатнаспақта. Жыйналғанлар халқымызды байрам менен қутлықлап жақсы тилек ҳәм нийетлерин билдирмекте. Түрли миллий тағамлар кўргизбеси жыйналғанларға айрықша заўық бағышлады.