Шоманай районында қутырған сағаллар пуқараларға ҳәм үй ҳайўанларына тасланбақта

Янв , 25 , 2019 265

Шоманай районы Бегжап АПЖ аймағында сағаллар аўыл турғынларына тасланған. Яғный, Юсуп Қурбанов ҳәм Анвар Жолдасбаевқа тасланып, тислеп алған. Нәтийжеде еки пуқара ҳәзирги ўақытта Шоманай районы медициналық бирлеспесинде қутырыўға қарсы емленбекте.

Kar24.uz сайтының хабар бериўинше, жоқарыдағы еки пуқарадан тысқары Шоманай районындағы Қарабайлы АПЖда қутырған сағал аўылда жасаўшы ҳаялға да тасланып, тислеп алған. Ҳаял тезлик пенен район емлеўханасына жеткерилген. Тексериў нәтийжесинде, сағал қутырған екени анықланған. Бул ҳаққында Шоманай районы ҳәкиминиң орынбасары Инъомжон Алланиязов мағлыўмат берген.

Мағлыўматта айтылыўынша, район ҳәкимияты аўшылар топарын дүзип, қутырған сағалларды атыўды тапсырған. Буннан тысқары, егер кимде-ким сағалды атып өлтирсе, 50 мың сўм берилиўи ўәде етилген. Қосымша мағлыўмат, өткен жылы Шоманай районы «Дослық байрағы» ҳәм «Дийханабад» АПЖларда да бир топар балаларды қасқырлар талаған еди.

Makan.uz дерегиниң мағлыўматына қарағанда, сағаллар үй ҳайўанлары – таўықлар, қой-ешкилерге жийи-жийи тасланып атырған.

Орын алып атырған бул жағдай бойынша тийисли шөлкемлер Шоманай районы ҳәкимияты сайтында рәсмий мағлыўмат бериўин күтемиз.