Қурма инсан өмирин узайтыў қәсийетине ийе

Янв , 25 , 2019 265

Америкалы алымлар қурма қурамындағы физетин элементи инсанлардың узақ өмир көриўине себеп болыўын анықлады.

Бул бойынша изертлеў нәтийжелери EurekAlert порталында басып шығарылды. Алымлардын айтыўынша, физетин организмдеги зыянланған тоқымалардың санын кемейтеди.

Бул тышқанларда өткерилген изертлеўде анықланған. Яғный бул элемент пенен берилген кемириўшилер саламатлығында машқалалалар бақланбаған ҳәм олардың көбирек жасағаны дәлийлленген.

Қәнигелердиң айтыўынша, физетин элементи қурмадан тысқары – қулпынай, алма, пияз, жүзим, киви, шабдал ҳәм қыяр сыяқлы мийўе ҳәм палызларда да ушырайды. Дәл олар усы пайдалы элементтиң тәбийий дереги есапланады, деп жазады «Халқ сўзи онлайн».

Аўдарма: makan.uz