Қутырыў – жуқпалыкеселликлер арасында ең қəўипли, ақыбети өлим менен тамамланыўшы, қоздырыўшысы вирус болған, ҳайўанлардан жуғатуғын, нерв системасы зəрерлениўи менен кешетуғын кеселлик.
Елимизде ҳəм қоңсы республикаларда қутырыў кеселлиги қоздырыўшысының тийкарғы дəреги ийтлер, пышық ҳəм жыртқыш жабайы ҳайўанлардан қасқыр, сағал ҳəм түлкилер болып есапланады.
Кеселлик үй ҳәм жабайы хайуанларға (ийт, пышық, қара мал, ешек, сағал, қасқыр, түлки, порсық, жарғанат ҳ.т.б.) жуққан жағдайда адамларға тислеў, тырнаў ҳәм силекейи арқалы жуғады.
Тисленген ҳайўан организмине вирус силекей менен түскеннен соң нерв талалары бойлап орайлық нерв системасына қарап әсте жылжып барады ҳәм ол жерде тез көбейип, жыйналады. Нәтийжеде бас мийде исиниў (энцефалит) раўажланады. Соңынан вируслар орайдан қашыў қозғалысы менен нерв талалары арқалы тарқалып, атап айтқанда силекей безлериниң клеткаларында тез көбейеди. Кеселлик қоздырыўшылары силекей қурамында оғада көп болып, сол арқалы жуғыў имкәниятына ийе.
Адамға вирус инфекцияланған ҳайўан терини тислегенде, тырнағанда яки оның силекейи тери ҳәм силекей қабаты пүтинлиги бузылған жерге тийгенде жуғады.
Егер де қандай да бир ҳайўан адамды тислеп алса, тислеген жерин сабынлы көп муғдардағы суўды ағызып жуўып, тезлик пенен поликлиника яки басқа емлеў-профилактикалық мəкемесине хабарласыўы керек.
Айырым жағдайларда тислеген ийтти өлтирип таслаў фактлери ушырасады. Нəтийжеде ийттиң қутырыў кеселлиги менен аўырған яки саў екенин анықлаў мүмкин болмай қалады ҳəм зəрүр болмаса да жəбирленген адамды қутырыўға қарсы артықша шаншыўға туўра келеди. Сонлықтан дурыс емлениў ушын, илəжы барынша топылған ийтти өлтирместен, оның денсаўлығын 10 күн даўамында ветеринариялық бақлаў астына алыў керек. Ийт қутырған болса усы дəўир ишинде өледи. Егер ийттиң дени саў болса адамды шаншыў тоқтатылады.
Ҳəр бир хожалық өзиниң үйиндеги ийт ҳəм басқа да үй ҳайўанларын сақлаў қəделерине əмел қылыўы, оларды ветеринария бөлимлеринен дизимнен өткериўи ҳəм қутырыўға қарсы шаныштырыўы, сондай ақ ересеклер ҳəм балалардың ийт, пышық ҳəм басқа да ҳайўанлардан жарақатланыўына жол қоймаў кеселликтиң алдын алыўда əҳмийетли орын тутады.
Ийт тислеп қутырыўға қарсы шаншылғанлардың басым көпшилиги балалар екенин есапқа алып бул мағлыўматларды мектеп оқыўшыларына жеткериў мақсетинде усы жылдың октябрь айында Нөкис қаласы халық билимлендириў бөлимине қараслы 4 ҳәм 32 – санлы мектеплердиң 5-6 ҳәм 9-класс оқыўшыларына түсиндириў жумыслары өткерилди. Интерактив усылда, презентация ҳәм видеоролик қолланылған ҳалда өткерилген лекция жүдә қызықлы өтти. Оқыўшылар өзлерин қызықтырған саўалларына тийисли жуўапларын алды.
Халықтың қутырыў кеселлиги бойынша хабарлылығын асырыў тийкарғы профилактикалық иләж болғанлықтан бундай жумысларға айрықша итибар қаратыў талап етиледи.
ҚР МСЭБО аса қәўипли жуқпалы кеселликлер бөлими эпидемиологы Н.Низаматдинова