Мәмлекетлик байрағы

 θзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы

Мәмлекетлик байрақ  Өзбекстан Республикасының  1991 жыл 18 ноябрдеги 407-XII-санлы «θзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы менен тастыйықланған.θзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы θзбекистан Республикасы мәмлекетлик суверенитетиниң белгиси болып табылады. θзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы xалық аралық қатнасықларда θзбекстан Республикасының тымсалы есапланады. θзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы — байрақтың пүтин узынлығы бойлап өткен таў сарғыш рең, ақ рең ҳәм тойғын жасыл реңли үш енине тартылған туўры төртмүйешлик формасындағы гезлеме болып табылады.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК БАЙРАҒЫ

Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы аспан көк,  тойғын сары ҳәм жасыл реңлерден ибарат болып,  ортасындағы сары реңли бөлекти ақ ҳәм қызыл сызықлар ажыратып турады.

«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам 14-декабрь 1992-жылда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХI сессиясында қабылланды. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенлигигниң нышаны.

Байрақтың аспан көк реңи бәҳәр жаслығының ҳәм өмир дәреги – суўдың мәңги тымсалы болып есапланады. Сары рең болса Қарақалпақстан аймағының үлкен бөлегиниң саҳрадан ибарат екенлигин аңлатады. Жасыл рең болса тәбияттың жаңаланыўының,  руўхый жасарыўының,  исенимниң ҳәм қуўаныштың нышаны. Байрақтағы жаңа туўылған ай мусылманлардың мухаддес тымсалы болса,  бес жулдыздың сүўрети Қарақалпақстанның әййемги ҳәм наўқыран бес қаласының – қарақалпақстанлылардың турмыс ҳәм исеним қорғанларының тымсалы болып табылады. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының рәсмий ўәкиллериниң сырт елге сапарларында, халықаралық әнжуманларда,  көргизбелерде ҳәм спорт ойынлары жарысларында Қарақалпақстан Республикасын дүньяға танытады. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы халықаралық майданда басқа мәмлекетлердиң байрақлары менен тең желбиреп турады.

 Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары ҳәм бул жерде жасайтуғын басқа адамлар Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағын ҳурметлеўи шәрт.