Физиотерапия

­­­Физиотерапия бөлиминиң тарийхы.

Кеўлимжаев Джалимбет

Физиотерапия бөлим ең биринши мәрте 1969- жылы У.Халмуратов атындағы Республикалық емлеўхананың Хирургия бөлими ишинен масластырылған ханаларда дүзилди.

1970 — 1991 жыллар аралығында физиотерапия бөлимин Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген медицина хызметкери, Уллы ўатандарлық урыс қатнасыўшысы, ветеран, жоқары категориялы физиотерапевт шыпакер

Кеўлимжаев Джалимбет бөлим менгериўшиси лаўазымында ислеп келген.

Физиотерапия бөлиминде 1974 – 1993 жыллар аралығында Дж.Кеўлимжаев пенен биргеликте жоқары категориялы физиотерапевт шыпакер Е.Б.Исмайлов ҳәмде жоқары мағлыўматлы емлеў гимнастикасы инструкторлары Г.М.Зарипова, А.А.Валиев, М.Б.Курбановлар ислеп келген.

1974 – 1993 жыллар аралығы

1993 – 1999 жыллар аралығында физиотерапия бөлимин жоқары категориялы физиотерапевт шыпакер Е.Б.Исмайлов, 1999 – 2001 жыллар аралығында физиотерапия бөлимин жоқары категориялы физиотерапевт шыпакер Ф.Р.Жумамуратов, 2001-2003 жыллар аралығында физиотерапия бөлимин жоқары категориялы невропатолог шыпакер О.Куденовлар бөлим менгериўшиси лаўазымында ислеп келген.

2003 – жылдан баслап ҳәзирги күнге шекем жоқары категориялы физиотерапевт шыпакер Т.Б.Ганиева бөлим менгериушиси лаўазымында ислеп келмекте.

Сол ўақытлары бөлимде 65 дана физиотерапевтик аппарат болып, сол аппаратлардан 45 медицина хызметкерлери наўқасларға физиотерапевтик емлер сапалы ҳәм самаралы түрде ислеп келген.

Физиотерапия бөлиминиң ҳәзирги искерлиги.

Ҳәзирги күнде бөлим қәнийгелестирилген стандарт тексериў ҳәм емлеў усыллары менен тәминленген.

Бөлим баслығы — жоқары категориялы физиотерапевт шыпакер Т.Б.Ганиева.

Тексериў усылларынан заманагой типтеги аппаратлар – рентгенография, компьютерный тамография, ЭКГ, ЭХО, УЗИ ҳәм лабараториялық тексериў усыллары қолланылады.

Шыпакерлерден:

Жоқары категориялы физиотерапевт шыпакер Т.Б.Ганиева.

Екинши категориялы физиотерапевт шыпакер Д.М. Тулегенова .

Бөлимниң үлкен мийирбийкеси – жоқары категориялы мийирбийке Г.Е.Абибуллаева.

Жоқары категориялы мийирбийкелер саны: 13

1 – категориялы мийирбийкелер саны: 2

2 – категориялы мийирбийкелер саны: 5

Категориясы жоқ мийирбийкелер саны: 4 (стажы 3 жылға жетпейди)

Физиотерапия бөлими

  • Өзбекстан Республикасы Ден Саўлықты Сақлаў Министрлигиниң 22-май 1995 жылғы №228 санлы «Емлеў – профилактика мәкәмелеринде, санатор–курорт мәкемелеринде физиотерапия кабийнети ҳәм бөлимлеринде физиотерапия хызметин буннан былайда раўажландырыў илажлары» ҳаққындағы буйрықларына тийкарланып жумыс алып барылып атыр.

Бөлимде наўқасларға төмендеги физиотераиялық емлеў усыллары қолланылады.

1.Электр тоғы менен емлеў

2. Жақтылық пенен емлеў

3. Жыллылық пенен емлеў (Парафин – озокерит)

4. Емлеў массажы

5. Емлеў гимнастикасы

Бөлимде ТашПМИ Нөкис филиалының талабалары әмелий сабақлар өтейди, соның менен бирге ординаторлар клиник реабилитология бойынша таярланады.

Бөлимде наўқасларды емлеўде заманагой типтеги – БТЛ аппаратларынан кең пайдаланылады.