Функционал диагностика

 Функционал диагностика бөлими тарийхы

Бөлимде мийнет еткен шыпакерлер:

Функционал диагностика бөлими 1984-жылға шекем ЭКГ кабинети болып, бас шыпакер Аллаяр Досназаровтың 1984-жылы 14-марттағы №35-буйрығына асасланып Функционал диагностика бөлими болып ашылған.

1972-жылға шекем ЭКГ кабинети шыпакери Насруллаев жумыс алып барған.

1984-жылға шекем ЭКГ кабинети шыпакери Уразалиева Клара Юсуповна ислеп келген.

1984-жылы бөлим ашылғаннан соң бөлим менгериўшиси Тыныбеков Кошай Ктайбекович жумыс алып барып 2006-жылға дейин бөлим менгериўшиси лаўазымында ислеп келген.

1984-1995 жыллары аралығында бөлимде Өзбекстанға ҳәм Қарақалпақстанға мийнети синген шыпакер Енгаличева Клавдия Алексеевна ЭКГ шыпакери.

1984-1996 жыллары аралығында Өзбекстанға ҳәм Қарақалпақстанға мийнети синген шыпакер Андреева Лилия Александровна спироскопия кабинетинде мийнет ислеп келген.

1996-жылға шекем бөлимде биринши дәрежели кардиолог шыпакер Уматов Парахат Алиевич ЭКГ кабинетинде,

1995-1996 жыллары аралығында кардиолог шыпакер Тлеуова Роза Жаксылыковна ҳәм Азат Ешимбетов ЭКГ кабинетинде, Алтын Сержанова ҳәм Эльмира Керимбаева ЭЭГ кабинетинде,

1995-2000 жыллары аралығында Елена Николаевна Пак ҳәм Уразалиева Клара Юсуповна спироскопия кабинетинде,

1988-1999 жыллары аралығында Бахтияр Каипов УЗИ кабийнетинде,

2000-2008 жыллары аралығында Избасханов Расул Жийенбаевич УЗИ кабинетинде мийнет келген.

2006-2007 жыллары аралығында бөлим баслығы лаўазымында Назарбаев Юсуп.

2007-2008 жыллары аралығында Избасханов Расул Жийенбаевич биринши дәрежели шыпакер бөлим баслығы лаўазымында ислеп келген.

Бөлимде мийнет еткен мийирбикелер:

Бөлим үлкен мийирбикеси Алланова Жумабике 1994-жылға шекем,

Гулсара Канназарова 1994-1995 жылларға шекемги аралықта мийнет еткен.

 Бөлим мийирбикелер:

1. Мельникова Лилия 1995 жылға шекем ЭКГ мийирбикеси.

2. Сапаргуль Айымбетова спироскопия, ЭКГ, ЭЭГ мийирбикеси 2000 жыл.

3. Клара Ниязымбетова ЭКГ мийирбикеси.

4. Алия Жакашбаева 1997-1999 жыллары аралығында ЭКГ мийирбикеси.

5. Амангельди Сапаров 1999-2000 жыллары аралығында ЭЭГ фельдшери.

6. Роза Сапарниязова жоқары дәрежели ЭКГ мийирбикеси.

7. Тазагүль Абдимуратова жоқары дәрежели ЭКГ, УЗИ мийирбикеси.

8. Замира Қультимова ЭКГ мийирбикеси.

9. Алибекова Клара Рахманбергеновна 2006-2018 жылларда жоқары дәрежели УЗИ, ЭКГ мийирбикеси.

 Бөлимде 1984-2006 жыллары аралығында болган аппаратлар атамасы:

ФКГ – жүрек шумын анықлаўшы аппарат 1990-жылға шекем ислеген.

ВЭМ – журектин нагрузкага шыдамлығын, жасырын коронар жетиспеушилигин х.т.б. анықлаўшы аппарат.

1983-1996 жыллар аралығында ислеген.

КДП-кардиодистацион пульт яғный район аймағында турып бизиң бөлим менен телефон арқалы байланысып усы аппарат жәрдеминде ЭКГ лентасын кабыл етип алынып жуўмағын телефон арқалы берилетуғын болған, бул аппарат 1993-1996 жылларға шекем ислеп турды.

ЭЭГ-бас мийи ҳәм қан-тамырлары кеселлигин анықлаўшы аппарат

1987-2000 жыллар аралығында ислеп турды.

1990-жылдан баслап УЗИ аппараты алынып ҳәзирги ўақытка шекем ислеп турыпты.

1983-1990 жыллары аралығында Спирография аппараты ислеп турды

өкпе-бронх кеселликлерин анықлаўшы аппарат.

1990-жыллары спироскопия аппараты алынып ҳәзирги күнге шекем ислеп турыпты.

1991-жылға шекем Реограф аппараты ислеп турды бул қан-тамыр кеселликлерин анықлаўшы аппарат.

2000-жыл компьютерли ЭКГ аппараты алынды ҳәм ҳәзирги ўақытта ислеп турыпты. Оның абзаллылығы динамикалық бақлаў жүргизген наўқасларға жүда қол келеди себеби ҳәр бир динамикалық бақлаў компюьтерге жазып қалдырылып ақырғы түскен ЭКГ менен салыстырылып барылады.

 Бөлимниң ҳәзирги турмысы:

Щербекова Райса Толыбаевна

 Бөлим баслығы – 2008-жыл ноябрь айынан ҳәзирги күнге шекем бөлим баслығы лаўазымында жоқары дәрежели функционалист шыпакер КРДСМ штаттан тыс бас функционалисты Щербекова Райса Толыбаевна ислеп келмекте.

Щербекова Райса Толыбаевна ЭКГ, ХМЭКГ, спирометрия кабинетлеринде жумыс алып барады.

Бегдуллаева Гулпаршын Пердебаевна биринши дәрежели шыпакер ЭКГ, ХМЭКГ кабинетлеринде жумыс алып барады.

2000-жыл бөлимге функционалист шыпакери болып өткен.

Мусаева Улбосын биринши дәрежели шыпакер УЗИ кабинетинде жумыс алып барады. 2007-жыл УЗИ шыпакери болып откен.

Ерекеева Гулсара Умирзаковна биринши дәрежели УЗИ шыпакери 2010-жылдан бери УЗИ кабинетинде жумыс алып барады.

Каипов Бахтияр екинши дәрежели УЗИ шыпакери УЗИ кабинетинде жумыс алып барады. 2013-жылдан УЗИ шыпакери болып ислеп атыр.

Абдисаттарова Айзада Абдинаимовна УЗИ шыпакери.

2017-жылдан УЗИ кабинетинде жумыс алып барады.

 Бөлим үлкен мийирбикеси:

  1. Романова Замира Батыровна 1995-жылдан үлкен мийирбике болып жумыс ислеп келмекте. ЭКГ, Спирометрия, ХМЭКГ кабинетлеринде жумыс алып барады. Жоқары дәрежели мийирбике.

 Бөлим мийирбикелери:

1. Уббиниязова Замира — Жокары дәрежели мийирбике УЗИ, ЭКГ кабинетлеринде жумыс алып барады.

2. Нурсеитова Айганым — Жоқары дәрежели ЭКГ, спирометрия, ХМЭКГ, УЗИ кабинетлеринде жумыс алып барады.

3. Базарбаева Гоззал – 2018-жылдан баслап ЭКГ, УЗИ кабинетлеринде жумыс алып барады. Дарежеси жоқ стажы жетпейди.

 УЗИ аппараты:

1. Пиелонефрит.

2. Холецистит.

3. Сидик тас кеселлиги.

4. Таслы холецистит.

5. Гепатит.

6. Баўыр циррозы.

7. Баўыр кистасы.

8. Баўыр абсцессы.

9. Ботеке кистасы.

10. Баўырдын қәўипли оспеси.

11. Ботекенин қәўипли оспеси.

12. Гидронефроз.

13. Простата бези кауипсиз гиперплазиясы.

14. Простатит.

15. Баўыр май инфильтрациясы.

16. Жүклилик.

17. Метрит.

18. Жатыр миомасы.

19. Кисталы яичник.

20. Аднексит.

21. Гломерулонефрит.

22. Қалқансиман бези.

23. Сүт бези.

24. Сүт бези оспеси.

25. Панкреатит.

26. Яичник оспеси.

27. ВМС.

28. Нефроптоз.

29. Ботекедеги поликистоз.

30. Плевраль суйыклыгы.

31. Доплерография.

32. ЭХОКГ.

33. х.т.б кеселликлерди анықлаўда пайдаланады.

 ЭКГ аппараты:

1. Миокард инфаркты.

2. Синуслы аритмия.

3. Синуслы брадикардия.

4. Синуслы тахикардия.

5. Аритмиялар түрлери

6. Пучка Гиса аякшасынын толық блокадасы.

7. Пучка Гиса аякшасынын толыү емес блокадасы.

8. Реполяризация кешигиў процессы.

9. Экстрасистолиялар.

10. Жүрек миокардына кислород жетиспеўшилиги.

11. Жүрек миокардының дистрофик өзгериўи.

12. Жүрек миокардының диффуз өзгериўи.

13. Жүрек миокардының метоболик өзгериўи.

14. Жүрек он карыншасы кеңейиўи.

15. Журек шеп карынша кеңеиўи.

16. Жүрек оң ҳәм шеп болмешеси кеңейиўи.

17. Декстракардия.

18. Жүрек миокардында зат алмасыў процессы өзгериўи.

19. АВ-блокадалар.

20. СССУ.

21.Эктопик ритмлар х.т.б. кеселликлерди анықлаўда пайдаланылады.

 Спирометрия өкпе-бронх кеселликлерин анықлаушы аппарат. Бронхиал астма, бронхитлар, эмфизема, пневмосклероз, өкпе сыйымлығы асиресе операция исленетуғын наўқасларға жүда қол келеди.

ХМЭКГ-бул 1 сутка даўамында жүректе болып өткен барлық түрдеги өзгерислерди анықлап береди асиресе жасырын түрдеги кислород жетиспеўшилиги, аритмиялар, өткинши формадағы блокадалар, жүрек ритмының жасырын бузылыўлары, СССУ, Экстрасистолиялар олардың ҳәр қыйлы формалары х.т.б. кеселликлерди анықлап бериўши аппарат.

Бөлимимиз ҳәме қолайлыүларға ийе. Ханалар ыссы суў ҳәм муздай суў менен тамийинленген. Бөлимде аўыр наўқаслар ушын хана ажыратылған портатив аппаратлар жәрдеминде УЗИ ЭКГ Спирометрия көригинен өткерилип керекли қәниге шақырылып аўыр наўқасты сол хананың өзинде көриктен өткериў имканына ийемиз.

 Мед.аппаратуралар техника қәўпсизлигине талапқа жуўап береди. Ҳәр жылы мәмлекетлик стандарт көригинен өткерилип турылады. Мед аппаратуралар гель, қағаз х.т.б. керекли затлар менен ўақтында тамийинленип турылады. Бөлимимиз күнлик нагрузкасы буйрық бойынша 30-33-ЕД қурайды.

Бөлимде қәнигелер таярлаў бойыншада жумыс алып барылады. Республикалық орта медицина ҳәм дәригерлик хызметкерлердиң билимин ҳәм қәнигелестирилген орайы Нөкис филиали курсантлары әмелий сабақлар өтейди ҳәмде ТашПМИ Нөкис филиалының клиник ординаторларын функционал диагностика жөнелиси бойынша таярлаў сабақлықлары алып барылады.