Интенсив терапия

Қарақалпақстан Республикасындағы Анестезиология реанимация хызметиниң раўажланыў тарийхы.

Қарақалпақстан Республикасындағы анестезиология хызмети 1956 — жылдан баслап раўажлана баслады. Бул ўақытлары анестезия менен хирургия, травматология бөлимлеринде тек ғана планлы операция ўақтында пайдаланылған. Аўырсызландырыўдан (масочный) наркоз дәрилерин маска арқалы ийискелеў ҳәм тамыр арқалы жибериў усыллары қолланылган.

1962 — жылға шекем ККАССР №1 Республикалық емлеўханасының хирургия бөлиминде анестезиолог шыпакер болып Марков Владимир Михайлович жумыс иследи. Қарақалпақстанда 1959 — жылдан баслап №1 Республикалық емлеўханада В.М.Марков тәрепинен биринши мәрте эндотрохиал наркоз қолланылып баслады.

Ал 1962 — 1969 жылларда шыпакер анестезиолог П.С.Исламходжаев оны даўам еттирди. 1969 — жыл Январ айынан баслап №1 Республикалық емлеўханада анестезиолог шыпакер болып А.С.Сулайманов ислей баслады. А.С.Сулайманов ККАССР Ден саўлықты сақлаў министирлигиниң №143 буйрығы менен 1970 — жылдан баслап Ден саўлықты сақлаў министирлигиниң штаттан тысқары бас анестезиолог болып тайынланды ҳәм 2006 жылға шекем ислеп келди. 1972 — жыл 16-марттан баслап №1 Республикалық емлеўханада 6 орынға мөлшерленген экспресс лабораториясы менен анестезиология реаниматология бөлими ашылды ҳәм бөлим баслығы етип А.С.Сулайманов тайынланды. Бул ўақытларда бөлимде УНА-1, УНАП-2, 1 данадан наркоз аппаратлары болып, олар тийкарынан қол менен ислетилген. Ўақыттың өтиўи менен бөлимге жанадан ток пенен автомат ислейтуғын жасалма дем беретуғын наркоз аппаратлары РО-2(1973), РО-5(1975), АНД-2(1978), Хирана (1978), Медиморф (1978) және жүректи стимуляция ислеў ушын – дефиблиятор аппараты алып келинди. 1977 — жыл ГДР да ислеп шығарылған Кардио монитор аппараты реанимация залына орнатылды ҳәм 6 наўқасты мониторда бақлаў жолға қойылды.

Бөлимде эндотрахиал, тамыр ишинен жибериўши наркоз, регионал, жулыннан дәри жибериў арқалы наркоз (спинномозговоя), перидурал, проводниковая анестезия ҳәм электро наркоз берилди. Бөлимде барлық консерватив емлеў усыллары асығыс тәризде трахеостома қойыў, омыраў асты венасы, яремный вена катетризациясы (буынтырық венасы) жәнеде сан артериясы ҳәм венасына сельдингер усылы менен катетер қойыў (перитонит ҳәм септик жағдайлар ҳ.т.б.) жумыслары алып барылды.

Буннан тысқары жүректи иштен стимуляция ислеў усыллары енгизилды:

— Инфаркт миокард толык А-В

— Кардиоген шок А-В өткизиўшенликтиң бузылыўында

— Пароксизмал тахикардия ҳәм тахи аритмияда жүрек соғыўының 130 дан жоқарғы болган жағдайларында.

— Дәрилерден аўыр зәҳәрленгенде териотоксикалық, септикалық зәҳәрленгенде, алькоголдан зәҳәрленгенде, жүректи эндокардиал стимулязициялаў ҳәм астматик статустын аўыр түрлеринде жасалма дем бериў арқалы интубациен трубкадан треахиал ҳәм бронх жолларын протеолитик ферментлер менен жуўыў енгизилди.

Кейинги жыллары Республикалық, қалалық, районлық, орайлық емлеўханалардың хирургия бөлимлеринде наркоздың жаңадан усыллары қолланыла баслады. 1962 — жылдан баслап №1 Республикалық емлеўхана Анестезиология Реаниматология бөлими базасында шыпакер анестезиологлардың бириши специализациясы ҳәм орта буўын хызметкерлерин анестезисткаларды таярлаў жолға қойылды. Республикалық емлеў мәкемелердиң ҳәм районлық емлеўханаларда анестезиология реаниматология бөлимлердиң дүзилиўине Бурынғы Кеңес аўқамының Ден саўлықты сақлаў министирлигиниң 287 буйрығы 14.04.1968 жыл, №605, 19.08.1969 жыл, №501, 27.06.1970 жыл. №160, 01.03.1973 ҳәм Өзбекстан Бурынғы Кеңес аўқамының Ден саўлықты сақлаў министирлигин 06.06.1968 жыл, №134 буйрықлары тийкар болды. 1965 — жылдан баслап кадрларды таярлаў ушын үлкен кеуил аўдарды. 1968 — жылдан баслап районлық ҳәм Республикалық емлеў орынларында Анестезиология хызметин шөлкемлестириў иси басланды. 1973 — жылдан 2005 — жылға шекм №1 Республикалық емлеўхана анестезиология реаниматология бөлими базасында 203 врач анестезиолог таярлап шыгылды. Олардан 51 шыпакер интернатурадан 152 шыпакер бирлемши специализацияда таярланды.

Республикада 1969 — жыл 9 врач анестезиолог реаниматолог ислеген болса ,ал 2004 жыл олардын саны 163 шыпакерге жетти.Канийгелестирилген анестезистка мийирбийкелери барлык емлеу мекемелеринде толыктырылды. 1979 — 1984 жыл Республикалық балалар емлеўханасында Беруний, Төрткул, Амуьдаря, Хожели, орайлық районлық емлеўханаларында ҳәм Республикалық туўыў үйинде анестезиологи реаниматология бөлимлери ашылды. 1988 — жыл Бурынғы Кеңес аўқамы Ден саўлықты сақлаў министирлигиниң 11.06.1986 жыл №841 буйрығы Здоровье программасын орынлаў унын Өзбекстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министирлиги берген районларда емлеўхана койка санын байланыссыз анеастизиологтя — реаниматология бөлимин ашыў ҳәм №1 Республикалық емлеўханада, Республикалық балалар емлеўханасында, Беруний Төрткул, Амударья, Хожели, Елликқала ҳәм Коңырат районларында анестезиология — раниматология бөлимлерин 12 койкаға кеңейтўге рухсат етилди.

Өзбекстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министирлигиниң 1995 — жыл, 18-апрелдеги №155 буйрығына тийкарланып Төрткул, Беруний, Амударья, Хожели орайлық районлық емлеўханалардың туўыў үйи ҳәмде Нөкис қалалық туўыў үйинде анестизиология — раниматология бөлимлери қайта шөлкемлестирилди.

1973 — жыл февральдан баслап тез жәрдем станциаясында ранимация — анестезиологиялық бригада, ал 1989 — жылдан баслап туўыў бөлимлеринде акушерлик қан кетўдиң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресыў ушын қәнигелестирилген реанимациялық гематологиялық бригада шөлкемлестирилди. Усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы бойынша 210 орынлы 32 анестезоиология — реанимация бөлими болип, оларда 170 шыпакер анестезиолог — реаниматолог болып хызмет етип атыр.

А.С.Сулайманов академик Павлов атындағы Самарқанд мәмлекетлик медициналық институтыниң емлеў ислери факультетин питкергеннен кейин 1967 жылдан баслап 1969 жыл 10 январына шекем Шымбай районлық Кеңес АШБда бас шыпакер болып, Шымбай районлық емлеўханасында Отоларинголог ҳәм Анестезиолго шыпакер болып жумыс исследи. 1969 — жыл январдан баслап №1 Республикалық емлеўханаға шыпакер анестезоилог болып өзгертирилди. 1969 — жыл Москва қаласында ЦОЛИУВда анестезиология — раениматология бойынша билимин жетистирилди. 1976 жыл Ленгидувта, 1985 — жыл Литва бурынғы совет аўқамында Коунас мединститут базасында, жүректи эндокардиал стимуляциялаў бойынша, 1995 — жыл ТашВМОИ да билимин жетистирди. Анестезиолог — реаниматологлардын 1-2-3-4- Төрткул союзлық съездында ҳәм 4 халық аралық анестезиологлардын симпозумына 1973 — жылы Москвада қатнасты. Ташкентте болып өткен 1975 — жыл июнь айында Өзбекстан анестезиолог — раениматологлардың 1 — конференциясына қатнасты «ККАССРда анестезиолог — реаниматологлардың жумысларын шөлкемлестириў» темасында доклад оқыды.

Пүткил союзлық анестезиолог — реанимотологлардың илимий орайының 1-2-съездында (ревизиялық комиссия) басқарыў ағзасы болып қабылланды.

 Өзбекстанда Ден саўлықты сақлаў тараўын раўажландырыўда қосқан үлеси ушын 1981 — жыл «знак Почета» ордени менен 1983 — жылы оған илимий атақ «Заслуженный врач ККАССР» ҳәм «Ветеран труда» медалы берилди.

 Аяапберген Сулайманович Анестезиолог-реаниматологлардың актўал-сораўлары бойнша 4 илимий жумыстың авторы. Ол Республикалық анестезиолог-реаниматологлардың хызметин раўажландырыўға ҳәм жас қәнийгелерди тарбиялаўға үлкен күш қосты ҳәм актив қатнасты. Ол өзиниң организаторлығы, принциппиялығы мийнет суйгишлиги менен Республикада жас шыпакерлерге өрнек көрсететтуғындай адам устаз болып табылады.

Мине усы тийкарларға асас болып 2006 — жылы емлеўхана орайында Интенсив терапия бөлими ашылды. Интенсив терапия бөлими 6 орынға есапланған. Бөлим штатлары Өзбекстан Республикасы Ден Саўлықты Сақлаў Министирлигиниң 2009 — жыл ноябрьде шыққан №293 буйрығына тийкарланып дүзилген

Бөлим баслығы: Б.Г.Пирлепесов

Бөлим баслығы болып Б.Г.Пирлепесов жумыс алып барып атыр. 23 — жыл мийнет стажына ийе.

Б.Пирлепесов емлеўхананың ЛКК ҳәм ПДК ағзасы.

Бөлимде тийкарынан күндизги күнлери 3 шыпакер, наўбетши болып 3 шыпакер жумыс ислеп келмекте.

Күндизги шыпакерлеримизден Бегжанова Тамара 28 жыллық стажға ийе. Тохтарова Анна 41 жыл мийнет стажына ийе.

 Бөлим 2018 жылы кайта реканструкциялаў жумыслары питкеннен кейин терапия корпусының биринши этажына келип жайласты. Залл 4 орынға Изолятор палата 2 орынға мөлшерленген. Бөлим азада, жыллы наўқаслардың емлениўи ҳәм хызметкерлердиң жумыс алып барыўы ушын барлық қолайлықларға ийе. Бөлим ең соңғы медициналық аппаратуралар менен тамийинленген болып олардан

— Ларингоскоп комплект .

— Консентратор 2 дана.

— Аппарат ИВЛ произ: Китай 1 дана

— Аппарат ИВЛ «Калина» 1 дана

— Аппарат ВИВА масочный 1 дана

— Кварц 3 дана

Бөлимде жоқары категорияға ийе үлкен мийирбийке Г.Ж.Дланова

Жоқары категорияға ийе мийирбийке саны 1

Биринши категорияға ийе мийирбийке 2

Екинши категорияға ийе мийирбийке-3.

Категорияға ийе болмаған мийирбийке саны 7 (мийнет стажы 3 жылға толмаган )

Бөлимде тийкарынан Нефрология, Пульмонология, Гемотология, Неврология, Гастроэнтерология, ревматология бөлими наўқаслары жатқарылады. Жыл даўамында 750-800 аўыр жағдайдағы наўқаслар жатып емленип атыр.

Бөлим шыпакерлериниң жетискенликлери.

2018 — жыл даўамында яремный венаға катетер қойылды. Шыпакерлеримиз бедренный артерияға катетер қойыўды үйренди ҳәм инфузомат арқалы антикогулянт терапияны жибериўди қолланылып атыр.