Мəслəҳəт поликлиника

Республикалық көп тармақлы медицина орайы 375 орынға мөлшерленген болып, бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасының бәрше қала ҳәм аўыллардан келген наўқаларға жоқары дәрежели медициналық хызмет көрсетип келмекте.

Усы мақсетте, наўқасларға қолай шар-шараятлар жаратыў, Орайымыздың материаллық техникалық базасын жақсылаў, қәнигелердиң билим дәрежесин асырыў, наўқаслардың жатақ жайларын заманагой жағдайға келтириў, Орай атирапын абаданластырыў жолға қойылған.

У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайы Республика ден саўлықты сақлаў министрлигине қараслы бәрше емлеў профилактика мәкемелери ушын оқыў методикалық орай есапланады. Орайымыздың көпшилик хызметкерлери ден саўлықты сақлаў министрлигиниң бас қәнигелери болып есапланады. Шыпакер ҳәм мийирбийкелердиң билим дәрежесин асырыўға үлкен итибар берилип оларды өз ўақтында оқыўға жиберип, аттестациядан өтип атыр.

Орайымызда 632 хызметкер халқымызға медициналық хызмет көрсетпекте, олардан 104 шыпакер болып, 47 (45,1%) — жоқары дәрежели, 18 (17,3%) — биринши, ҳәм 18 (17,3%) — екинши категорияга ийе. Орайда 280 хамшира болып соннан 98 (35,0%) — жоқары, 28 (10,0%) — биринши, 70 (25,0%) — екинши категориялы.

Республикалық көп тармақлы медицина Орай мәсләҳат поликлиникасы 2015-жылдан баслап таза имаратқа көширилип халқымызға жоқары дәрежели сапалы медициналық жәрдем көрсетип киятыр ҳәзирги күнде бөлимде 25 шыпакер, 22 мийирбийке, 7 санитарка жумыс ислейди.

Бөлимде: хирург, ириңли хирург, проктолог, бет жақ хирургы, уролог, андролог, травматолог, нейрохирург, лор, гинеколог, аллерголог, пульмонолог, гастроэнтеролог, гематолог, терапевт, кардиолог, эндокринолог, нефролог, ревматолог, невролог, профпатолог қәнигедеги тәжирийбели шыпакерлер халқымызға медициналық хызмет көорсетип атыр.

Поликлиника қўатлылығы — 200 қатнаўга молшерленген.

2017 — жыл жуўмағы менен 77508 қатнаў болды, соның ишинде төлемли көрик — 56166 болып — 72,4% қурады,

Поликлиника шыпакерлеринин жумыс барысы хаққкындағы мағлыўматлар төмендегише.

Орайда наўқасларға амбулатор ҳәм стационар шариятында жәрдем көрсетиледи.