Нефрология ҳәм гемодиализом

Нефрология ҳәм гемодиализ бөлиминиң тарийхы

1989-жылы терапия бөлиминең 30 орынлы Нефрология ҳәм гемодиализ бөлими ашылды. Бөлим баслығы болып Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген медицина хызметкери, медицина илимлериниң кандидаты, жоқары категориялы нефролог 2013-жыл аралығында К.Н.Мамбетов басшылық етти. Нефрология ҳәм гемодиализ бөлиминде нефролог шыпакерлери: О.Мамбетназаров, Ж.Мамбетназаров, Д.Досназарова, О.Убайдуллаев иследи ҳәм ҳәзирги ўақытта жоқары категориялы шыпакерлер: Р.Халмуратова, К.Рамбергенова, А.Артыков, Х.Уразымбетов, М.Матжановлар ислемекте.

Ҳәзирги ўақытта бул бөлим қәнийгелестирилген стандарт тексериў ҳәм емлеў усыллары менен тәмийнленген. Тексериў усылларынан заманагой типтеги аппаратлар — Ренгеноскопия, рентгенография, Ультрасес тексериўи, мультиспираль компьютерли томография, ЭКГ, ЭХОКГ, лабораториялық тексериў усыллары қолланылады. Республикалық Көп тармақлы медицина орайы мәсләҳәт поликлиникасында буйрек кеселликлери менен аўырған наўқасларды қабыллаўға қәнийгелестрилген нефролог кабинети менен тәмийнленген.

Бөлими баслығы — жоқары категориялы нефролог Р.Н.Халмуратова.

Бөлими баслығы — жоқары категориялы нефролог Р.Н.Халмуратова.

Шыпакерлерден:

А.А.Артыков — нефролог ҳәм экстракорпораль детоксикологшыпакери.

К.А.Рамбергенова — жоқары категориялы нефролог.

Х.Уразымбетов — екинши категориялы экстракорпораль детоксиколог шыпакери.

М.Матжанов — екинши категориялы экстракорпораль детоксиколог шыпакери.

Бөлим үлкен мийирбийкеси жоқары категориялы мийирбийке Р.Утеулиева.

Жокары категориялы мийирбийкелер саны-6,

биринши категориялы мийирбийкелер саны-4,

екинши категориялы мийирбийкелер саны-4,

категориясыз -1 мийирбийке.

Бөлим Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-июльдағы №3846 санлы Қарары «Республика халқына нефрология ҳәм гемодиализ жәрдемин көрсетиў сапасын асырыў ис-илажлары ҳаққындағы»

Өзбекстан Республикасы Ден-саўлықты Сақлаў Министриниң 2018-жыл 28-декабрдағы №671 санлы «Өзбекстан Республикасы халқына нефрология ҳәм гемодиализ жәрдемин жетилистириу ис-илажлары ҳаққындағы» буйрығына тийкарланып жумыс алып барып атыр.

Бөлим реконструкциядан шыққан зәманогой имараттың биринши қабатында жайласқан. Бөлим 30 орынға ийе болып соның 15 орыны төлемли хызмет есабынан ҳәм 15 орыны бюджет есабынан. Бөлимде наўқалар тексерилип емлениў ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Наўқаслар ушын ханалар бир, еки, уш орыннан ибарат, канализация, ыссы суў, муздай суў, душ, ишки ҳәжетхана менен тамийнленген.

Ҳәзирги ўақытта нефрологик кеселликлерди емлеўде төмендеги усыллар қолланылады:

  • Базис терапия (цитостатиклер).
  • Пульс терапия.
  • Гемодиализ

Бөлимде сөзылмалы бүйрек жетиспеўшилиги менен наўқасланған наўқасларға 5 гемодиализ орнына молшерленген гемодиализ залында ҳәзирги заман талабына жуўап беретуғын «Фрезениус» фирмасынын «Гемодиализ» (Жасалма буйрек) аппаратлары хызмет қылмақта. Гемодиализ залы 4 сменада күни түн жумыс ислейди. Бөлимде ТашПМИ Нөкис филиалының талабалары ҳәм терапия қәнийгелиги бойынша клиникалық ординаторлар сондай-ақ медицина колледжи оқыўшылары әмелий сабақларды өтейди.

Бөлимде төмендеги кесееликлер емленеди:

— Буйрек кеселликлери ҳәм олардын асқыныўлары:

— Острый ҳәм хронический пиелонефрит

— Острый ҳәм хронический, быстропрогрессирующий гломерулонефритлер

— Острый ҳәм хронический тубулоинтерстициал нефритлер

— Хроническая почечная недостаточность ҳәмме басқышларда.

— Қант кеселлигиндеги гломеруляр өзгерислер

— Бириктириўши тоқыма кеселликлериндеги гломеруляр өзгерислер

— Подагра кеселигиндеги гломеруляр өзгерис

— Бүйрек Амилоидозы

Жийи берилетугын сораулар:

Сораў: Бүйрек кеселликлерин келтирип шығарыўшы факторлар қандай:

Жуўап:

— ширели газлы суўлар,

— кем ҳәрекетшеңлик

— суўды кем қабыл етиў

— аўырыў қалдырыўшы дәрилерди ҳәдден тыс қабыл етиў

— алкоголь қабыл етиў

— витаминлер жетиспеўшилиги

— қуўықта сидикти узақ сақлаў

— ҳәдден тыс ас дузын қабыл етиў

— ҳәдден тыс белоклы аўқатларды кабыл етиў.

  • Сораў: Диализ-ҳаққында түсиник берин?

Жуўап: Бүйрек-организмди токсин ҳәм зыянлы затлардан тазалаўшы ағза есапланады. Егер бүйрек хызмети төменлесе организмниң жумыс ислеўин сақлап турыўшы ҳәзирги заман медицинасында кең тарқалған емлеў усылы.

Диализ-организмди зыянлы токсин, шлаклардан тазалаўға жәрдем бериўши буйрек орнын басыўшы процедура. Бул Процедура арнаўлы аппарат жәрдеминде өткериледи.

  • Сорау: Бүйрек кеселликлери профилактикасы қандай?

Жууап: Аяздан сақланыў, маусимге қарап кийиниў, аяқтан ызғар өтиўден сақланыў, аўыз бослығы, дем алыў жоллары инфекциясынан сақланыў, жеке гигиена кағыйдаларын сақлаў, денени шынықтырыў.