Нейрохирургия

Нейрохирургия бөлиминиң тарийхы.

 Қарақалпақстан Республикасы Ден Саўлықты Сақлаў Министрлигиниң 2016-жыл 1-февраль айында №25-буйрығына тийкарланып, орайда №18-буйрыққа тийкарланып орайымызда Нейрохирургия бөлими ашылды.

 2016-жыл 1-февраль айында Нейрохирургия бөлимине жоқары категориялы шыпакер Х.Нуралиев бөлим баслығы етип тайынланды.

Бөлим 25 орыннан ибарат болып, соның 12 орыны төлемли хызмет есабынан, 13 орын ордер есабынан ашылды. Бөлимде наўқасларды тексериў ҳәм емлениўи ушын ҳәмме қолайлықлар жаратылған.

Бөлим баслығы жоқары категориялы шыпакер – Х.Нуралиев

Бөлимде 3 шыпакер:

Р.Кудайбергенов – 2-категориялы шыпакер

Ж.Cапаров – 2-категориялы шыпакер

Ҳәзирги ўақытта бул бөлим қәнийгелестирилген стандарт тексериў ҳәм емлеў ҳәм оператив усыллары менен тамийнленген. Тексериў усылларынан заманагой типтеги аппаратлар, рентгеноскопия, рентгенография, компьютерный томограмма, МРТ, ЭКГ, ЭХО, ЭГГ, УЗИ ҳәм лабороториялық тексериў усыллары қолланылады. Республикалық көп тармақлы медицина орайының мәсләҳәт поликлиникасында наўқасларды қабыллаў ушын арнаўлы кабинет ажыратылған. Бул кабинетте наўқаслар шыпакерлер тәрепинен көриктен өтеди. Егер емлеў ямаса операция ислеўге мүтаж наўқасларды Нейрохирургия бөлимине жатқарып керекли емлеў ислери алып барылады.

Ҳәзирги күнде Кудайбергенов Руслан бөлим баслығы лаўазымында ислеп атыр.

Бөлимде 10 мийирбийке, 10 киши мед хызметкерлер жумыс ислеп атыр.

Жоқары категориялы мийирбийкелер 3;

I – категориялы мийирбийкелер 1;

II – категориялы мийирбийкелер 3;

Бөлимде ТашПМИ Нөкис филиалының талабалары әмелий сабақлар өтейди, соның менен бирге ординаторлар клиник хирургия бойынша таярланады.

Бөлимде наўқаслар төмендеги кеселликлер менен тексерилип, емленеди:

1. Бас мий, арқа мий ҳәм омыртқа бағанасы жарақатлары.

2. Бас мий ҳәм арқа мий аномалиялары.

3. Омыртқа дегенератив кеселликлери, (грыжа, остеохондроз, спондилолистез, дегенератив стеноз)

4. Мас мий оспелери.

5. Арқа мий оспелери.

6. Омыртқа бағанасы патологик сыныўлары.

7. Перифериялық нерв травмалары.

Шыпакерлеримиз тәрепинен сырт еллерге барып оқып, тәжирийбе арттырып келген шыпакер Р.Кудайбергенов 2016-жыл Россия Федерациясы Новосибирск қаласында НИИТО им Цивьяна институтына барып 1 ай даўамында оқып, ис тәжирийбе арттырып қайтты. 2018-жыл Россия Федерациясы Москва қаласындағы Н.Н.Бурденко институтында «Бас мийдиң түбинде жайласқан оспелерди хиругиялық жол менен алып таслаў» бойынша 1-ай даўамында оқып, ис тәжирийбесин арттырып келди.

2018-жыл шыпакер Д.Хамидуллаев Белоруссия қаласында «Бас мий осимтелери, оператив жол менен емлеў жолы» бойынша 1 ай даўамында оқып, ис тәжирийбе арттырып қайтты. Усы жылдын Июль айында болса Туркияның Стамбул қаласында «Мини инвазимная нейрохирургия» бойынша оқып ис тәжирийбе арттырып қайтты.

Орай бас шыпакери м.и.д О.Т.Ирисов арқалы бөлимимизде мийирбийкелер арасында жас қәнийгемиз мийирбийке Мамбетназарова Жумахан Ташкент қаласы Академик В.Вахидов атындағы республикалық арнаўлы илимий хирургия орайында

20-октябрьден 11-ноябрьге шекем оқып билимин жетистирип қайтты.

Бул бөлимде порок сердце (жүрегинде тесиги бар наўқаслар), үлкен жастағы наўқаслар ҳәм киши жастағы наўқаслар ем алады.

Туўма жүрек кеселликлери, арттырылған жүрек пороги (ппс).

Аппаратуралардан АД L-835, Дене ыссылығы көтерилсе дене ыссылығын түсириў ушын Гипотерм ҳәм матрас қойылған.

Ҳәр бир наўқас жатырған кроватқа манитор қойылған-кислород, А/Д, температура, дыхания, окпе неше % дем алыўын тәмиийнлеўин 70 түсип ИБЛ аппарат жалғайды. ИБЛ – окпеге жасалма дем бериў ушын қойылады.

Иньекция ислеў жумыслары, қайта таныў ислери, шыгындыларды қалай утилизация ислеў қағыйдаларын уйренип қайтты.