Неврология

Неврология бөлиминиң тарийхы

Неврология бөлимине 1972-жылы тийкар салынған. Неврология бөлиминде 1972-1997 жыллар аралығында жоқары кетегориялы шыпакер невролог, мидицина илимлери кандидаты Кошетер Бегжанов, 1997-2001 жыллар аралығында жоқары кетегориялы шыпакер невролог Жумабай Реимов, 2001-2010 жыллар аралығында Қарақалпақстан Республикасына мийнети cинген шыпакер, жоқары кетегориялы шыпакер невролог Уразбай Куденов, 2010-жыл феврал айынан баслап ҳәзирги күнге шекем жоқары кетегориялы шыпакер невролог Тимур Туремуратов менгериўшилик ўазыйпасын атқарып келмекте. Буннан тысқары 1972-жылдан 2001-жыллар аралығында бул бөлимде жоқары кетегориялы невролог шыпакерлер Рахима Базарбаева, Дийхан Ермекбаевлар халыққа медициналық хызмет көрсетип келген.

Ҳәзирги ўақытта У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайы Неврология бөлими 2018-жыл март айынан баслап таза реконструкциядан шыққан 3 этажлы имаратта жайласқан. Бөлимде 25 орын төлемли хызмет есабынан, 25 орын бюджет тәрепинен бийпул хызмет көрсетеди. Бөлимде наўқаслар емлениўи ушын ҳәмме қолайлықлар жаратылған.

Ягный:

  • медикаментоз емлеў,
  • массаж,
  • емлеў физкультурасы,
  • электрофорез,
  • УЗТ,
  • Парафин,
  • Тракцион кровать,
  • Магнито-Лазер аппаратлары

мененде емлеў жолға қойылған. Бөлимде кеселликлерге диагноз қойыўда ҳәзирги ўақытта заманагой тексериў усылларынан пайдаланылады.

Булардан:

  • Рентген,
  • Компютер томограф,
  • Магнитли резонанс томограф,
  • ЭЭГ,
  • ЭКГ,
  • ЭхоКГ,
  • қан тамырлар УЗИ доплери.

Буннан тысқары Мәсләҳат Поликлиникасында 3 кабинетте жоқары категориялы невролог шыпакерлери халыққа амбулатор жәрдем көрсетеди.

Тимур Калбаевич Туремуратов жоқары категориялы невролог шыпакери

Неврология бөлими менгериўшиси: Тимур Калбаевич Туремуратов жоқары категориялы невролог шыпакери

Орайдағы невролог шыпакерлер:

  1. Уразбай Куденов — Қарақалпақстанға мийнети синген шыпакер, жоқары категориялы шыпакер.
  2. Атынгул Сержанова — жоқары категориялы невролог шыпакер
  3. Гулбахар Кошкарова — жоқары категориялы невролог шыпакер
  4. Бахадыр Каримов — жоқары категориялы невролог шыпакер
  5. Эльвира Керимбаева — жоқары категориялы невролог шыпакер
  6. Зульфия Ильясова — жоқары категориялы невролог шыпакер
  7. Азамат Даулетов — Екинши категориялы невролог шыпакер
  8. Шахло Реимбаева — Екинши категориялы невролог шыпакер
  9. Айнура Толыбаева — невролог шыпакери
  10. Сураё Аллаберганова — невролог шыпакери

Бөлим үлкен мийирбийкеси — екинши категориялы мийирбийке  Калназарова Гулсара

Буннан тыскары бөлимде:

Жоқары категориялы — 7 мийирбийке

Биринши категориялы — 1 мийирбийке

Екинши категориялы — 4 мийирбийке

Категориясы жоқ (мийнет стажы жетпегенлиги себепли) — 4 мийирбийке жумыс алып барады.

Неврология бөлиминде наўқаслар төмендеги кеселликлер менен емленеди:

  1. Инсульт хам акыбетлери (Бас мий кан айланыуы бузылыуы)
  2. Дисциркулятор энцефалопатия (Сосудистая энцефалопатия)
  3. Бас мий жаракаты акыбетлери
  4. Неврозлар
  5. Мигрень
  6. Вегето-сосудистая дистония
  7. Бет жуз нерви шамаллауы (Лицевой неврит)
  8. Уш шахлы нерв невральгиясы (Невральгия тройничного нерва)
  9. Мойын, кокирек хам бел омырткалары остеохондрозы
  10.  Омырткалар грыжасы
  11.  Полиневритлер
  12.  Миопатиялар
  13.  Арка мий жаракаты акыбетлери
  14.  Паркинсон кеселлиг
  15.  Эпилепсия кеселлиги

Бөлимге ҳәм невролог шыпакерлерге көп берилетуғын сораўлар:

  • Сораў: Инсульт кеселлиги келип шығыў себеплери?

Жуўап: Инсульт кеселлигиниң келип шығыў себеби ҳәр түрли. Мысалы: Гипертония кеселлигинен дурыс ҳәм өз ўақтында емленбеў, спиртли ишимлик ишиў, бас мий жарақатлары,

  • Сораў: Бел омыртқасы грыжасын операциясыз емлеўге болама?

Жуўап: Бел омыртқасы грыжасы егер грыжа размери 5 мм киши болса ҳәм арқа мийды қысыў көлеми пәс болса дәрилик препаратлар ҳәм физиотерапиялық усыллар жәрдеминде операциялық жолсыз даўалаўға болады.

  • Сораў: Инсульт кеселлигинен наўқаслар қанша ўақыт аралығында жақсы болады?

Жуўап: Инсульт кеселлгин бастан өткерген наўқаслардың жақсы болыўы мийдин зыянланған майданына ҳәм көлемине байланыслы болады. Егер мийдин зыянланған бөлими киши көлемде болса наўқаслардың саўалыўы тез болыўы мүмкин.