Пульмонолог ҳәм Аллерголог

Пульмонология ҳәм аллергология бөлиминин тарийхы.

  • 1977 жылы терапия бөлиминен 30 койкалық пульмонология бөлими ашылды. Бөлим баслығы болып 1977 — 2008 жыл аралығында Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген медицина хызметкери, жоқары категориялы пульмонолог К.Ю.Уразалиева басшылық еткен. Пульмонология бөлиминде шыпакер — пульмонологлар Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген медицина хызметкери Е.Н.Пак,  А.А.Алламбергенова иследи ҳәм ҳәзирги ўақытта — Өзбекстан Республикасында ден саўлықты сақлаў ағла шыпакери, Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген медицина хызметкери Д.А.Жиемуратова ҳәм жоқары категориялы шыпакерлер Г.А.Мамбеткаримова, А.А.Абекеева, Г.Б.Исмайлова ислемекте.
  • 1973 жылы терапия бөлиминен 10 койка аллергик койка ажрылатылды, ал мәсләҳәт поликлиникасында аллергология кабинети ашылды. 1977 жылдан баслап 30 койкалық аллергология бөлими ашылды, бөлим баслығы етип Медицина илимлеринин кандидаты, Қарақалпақстанға мийнети синген медицина хызметкери, Өзбекстан Республикасында ден саўлықты сақлаў ағла шыпакери П.Т.Менлимуратов тайынланған. Аллергология бөлиминде шыпакер-аллергологлардан: медицина илимлериниң докторы Т.Б.Ещанов,  А.А.Мырзамбетов, М.А.Нуртазаев, В.С.Торемуратова, С.Б.Кортинко ислеген. Аллергология бөлиминде 1977-1994 жылға шекемги аралықта  бөлим баслығы П.Т.Менлимуратов, ал 1994 — 1998 жыллар аралығында С.А.Артыкбаев ислеген. 1998-2016 жылға шекемги аралықта  бөлим баслығы болып П.Т.Менлимуратов басшылық еткен. 

Пульмонология ҳәм аллергология бөлиминин хазирги фаолияты.

2016 жылы январь айынан баслап пульмонология ҳәм аллергология бөлимлери бириктирилип, 40 койкалық пульмонология ҳәм аллергология бөлими болды.

Ҳәзирги ўақытта бул бөлим қәнигелестирилген стандарт тексериў ҳәм емлеў усыллары менен тәмийинленген. Тексериў усылларынан заманагой типтеги аппаратлар – көкирек қәпеси рентгеноскопия, рентгенография, компьютерный томограмма, пикфлоуметрия, спирометрия, бронхоскопия, ЭКГ, ЭХО ЭКГ, УЗИ плевра бослығын ҳәм лабораториялық тексериў усыллары қолланылады. Республикалық көп тармақлы медицина орайының мәсләҳәт поликлиникасында дем алыў жоллары, ҳәм аллергик кеселликлери менен аўырған наўқасларды қабыллаўда қәнигелестирилген пульмонолог ҳәм аллерголог кабинети менен тәмийинленген.

Бөлим баслыгы — жоқары категориялы пульмонолог Г.А.Мамбеткаримова.

Шыпакерлерден:

1. Медицина илимлеринин кандидаты, Қарақалпақстанға мийнети синген медицина хызметкери, Өзбекстан Республикасында Ден Саўлықты Сақлаў ағласы, ТашПМИ Нөкис филиалында «Ишки кеселликлер» кафедрасы баслығы,  аллерголог П.Т.Менлимуратов.

2. Өзбекстан Республикасында Ден Саўлықты Сақлаў ағласы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген медицина хызметкери, пульмонолог Д.А.Жиемуратова

3. Аллерголог С.А.Артыкбаев

4. Жоқары категориялы пульмонолог А.А.Абекеева

5. Биринши категориялы пульмонолог Г.Б.Исмаилова

6. 1-катерогиялы аллерголог Н.М.Утенов

7. 2-категориялы аллерголог Б.К.Айтмуратов

Бөлимнин үлкен мийирбикеси – жоқары категориялы мийирбике З.С.Калимбетова

Жоқары категориялы  мийирбийкелер саны: 4

  1-категориялы мийирбийкелер саны: 3

  Категориясы жоқ мийирбийкелер саны: 3 (стажы 3 жылға жетпейди)

Пульмонология ҳәм аллергология бөлими

  • Өзбекстан Республикасы Ден Саўлықты Сақлаў Министрлигиниң 15-ноябрь 1993-жылғы №569 ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ден Саўлықты Сақлаў Министрлигиниң 29-апрель, 1994-жылғы №151 «Пульмонология хызметин буннан былайда раўажландырыў илажлары» ҳаққындағы буйрықларына тийкарланып,
  • Өзбекстан Республикасы Ден Саўлықты Сақлаў Министрлигиниң 6-июнь, 2016-жылғы №250, Қарақалпақстан Республикасы Ден Саўлықты Сақлаў Министрлигиниң 29-июнь, 2016-жылғы №196 «Аллергология хызметин буннан былайда раўажландырыў илажлары» ҳаққындағы буйрықларына тийкарланып жумыс алып барылып атыр.

Бөлим 40 койкаға ийе болип, содан 20 койкасы толем хызмети есабынан. 20 койка ордер есабынан. Бөлимде наўқасларды тексериў ҳәм емлениў ушын ҳәмме колайлықлар жаратылған.

Бөлимде наўқасларды емлеўде небулайзер аппаратлары, кислородный концентратор аппаратлары кеңнен қолланылмақта. Бөлимде ТашПМИ Нөкис филиалынын талабалары амелий сабақлар өтейди, соның менен бирге ординаторлар клиник пульмонология бойынша таярланады.

Бөлимде наўқаслар төмендеги кеселликлер менен тексерилип, емленеди.

Дем алыў жоллары кеселликлери:

  • Хроническая обструктивная болезнь легких.
  • Бронхиальная астма
  • Хронический неосбтруктивный бронхит
  • Пневмония
  • Интерстициальные заболевания легких.
  • Бронхоэктатическая болезнь.
  • Саркаидоз.
  • Муковисцидоз.

Аллергологик кеселликлери:

  • Алергический ринит
  • Поллиноз
  • Аллергический дерматит
  • Крапивница
  • Отек Квинке
  • Лекарственная аллергия
  • Атопический дерматит
  • Синдром Лайелла
  • Синдром Стивенсона Джонсона.

Бөлимге тийисли көп берилетуғын сораў –жуўаплар.

  1. Дем қыспа кеселиги қандай кеселлик ?

Жуўабы: Астма бул дем алыў жолларының исиниўи себебинен дем алыў ҳәм шығарыў қыйынласады, тез-тез дем қысады, ысқырған шыйқылды пайда болады, кейин ала ентигиу пайда болады.

  1. Аллергия кеселлигиниң пайда болыў себеби?

Жуўабы: Дем алыў жолларында көбинесе сыртқы тәсирлерге байланыслы аллергиялық исиниў белгилери пайда болады. Буларға:

  • Өсимлик шаңы
  • үй шаңы (шаңда жасаўшы кенелер, көпшиктиң пәри)
  • ҳайўан жүнлери, қуслардың пәрлери (пышық, ийт, қуслар)
  • айырым аўқатлық затлар
  • айырым химикатлық затлар (ҳаўа тазартыўшы аэрозоль, косметика, дезодорант, сабын, клей, бояўлар, бағшылықта пайдаланатуғын химикатлар, пестицидлер, дизель майлары ҳәм т.б.)
  • дәрилер (кобинесе аспирин, пенициллин, В группасы витаминлер ҳәм т.б.)
  1. Хроник бронхит кеселлигиниң толық еми барма?

Жуўабы: Бул кеселликтен толык емленип кетпейди, себеби бул кеселлик хроник кеселлик болып есапланады. Бул кеселлик қозыў дәўиринде емленеди ҳәм басқа ўақытлары бронхты кеңейтиўши дәрилерди ингалятор түринде сеўип жүреди.

  1. Дем қысқанда колланатуғын ингаляторларға үйренип қалыў мүмкинбе?

Жуўабы: Ингаляторларға үйренип қалмайды, себеби бул ингаляторлар тек дем алыў жолларына туўрыдан туўры тәсир етип, қанға аз муғдарда түседи ҳәм басқа органларға зыянлы тәсирин тийгизбейди.

  1. Қандай қылғанда дем қыспадан қутылыўға болады?

Жуўабы: Бул кеселлик хроник кеселлик болғанлығы себепли, бронхты кенейтиўши ҳәм бронхты емлеўши ингаляторларды узақ ўақыт қолланыўы керек.

  1. Хроник обструктив кеселлигинин келип шыгыу себеби неде?

Жууабы: Көбинесе жыллар даўамында темеки шегиўшилерде, пассив шегиўшилерде (темекиниң түтини менен дем алыўшыларда), шаң-тозан шариятында ислеушилерде, химикат захарли затлар менен ислеушилерде, уактында созылмалы бронхит пенен толык емленбегенлерде.

  1. Дем алыў жоллары кеселликлериниң алдын алыў илажлары қандай?

Жуўабы: Дене тәрбиясы ҳәм дем алыў гимнастикасы менен шуғылланыў, созылмалы бронхит қозыў дәўиринде дурыс емлениў, темеки шегиўден сақланыў, көшеде, жумыс орынларында шаң-тозанда маска тағыў, гриппке қарсы прививка алыў.