Реанимация анестезиология

У.Халмуратов атындағы РКТМО Анестезиология реанимация бөлимине 1962-жылдан баслап 1969-жылға шекем П.С.Исламходжаев басшылық еткен.1969-жыл январь айынан баслап бөлим баслығы етип А.С.Сулайманов жумыс ислей баслады. 2006-жылдан 2009-жылға шекем Б.Г.Пирлепесов реанимация бөлими баслығы болып жумыс иследи. 2009-жылдан 2013-жылға шекем А.А.Изимбетова басқарып келди. 2013-жыл январь айынан баслап Б.К.Сартбаев Анестезиология ҳәм реанимация бөлимин басқарып келмекте.

 Бөлимимиз 7 хирургик профиль бөлимлерине операцияларды аўырыўсызландырыў менен ҳәм аўыр аўхалдағы наўқасларға стационар жәрдем көрсетеди. Бөлим 6 орынға мөлшерленген. Бөлимимиз заманагой наркоз аппаратлары Fabius Германияда ислеп шығарылған,Vela жасалма дем бериў аппараты АКШта ислеп шығарылған, Mindray наркоз аппараты ҳәмде кардиомониторлар менен тәмийнленген. Бөлимде улўма аўырыўсызландырыў, регионар аўырыўсызландырыў, спинал аўырыўсызландырыў, перидурал аўырыўсызландырыў усыллары қолланылады. Бөлим шыпакерлери Россия ҳәм Ташкент қалалары клиникаларында өз билимлерин жетилистирип келди. Хәмширалар В.Вахидов атындағы хирургия илимий орайында билимин жетилистирип келди.

Бөлим баслығы: Сартбаев Бахадыр

Бөлимде 4 шыпакер халыққа хызмет етип келмекте. Б.К.Сартбаев бөлим баслығы, жоқары категориялы. 16 жылдан бери Анестезиология-реанимация бөлиминде ислеп келмекте. А.А.Изимбетова жоқары категориялы улўма стажы 25 жылдан асты. З.К.Абдигаппарова биринши категорияға ийе. улўма мийнет стажы 20 жылдан асты.