Ревматолог

Ревматология бөлими өз хызметин 1999-жыл Республикалық кардиология диспансери қурамында баслаған. Республикалық көп тармақлы медицина орайы қурамында 2013- жылдан баслап өз хызметин баслады. Бөлим 25 койкадан ибарат. Бөлим шыпакерлери:

Дальжанова Замира Матжановна

Бөлим баслығы: Қарақалпақстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлиги штаттан тыс Бас ревматолог Дальжанова Замира Матжановна. Жоқары категориялы ревматолог шыпакер.

Ис стажы 30 жыл. Соңғы рет 2017-жыл апрелде Ташкент қаласы «Шыпакерлер малакасын»асырыў институтында «малакасын» асырып келген.

Шыпакер Абдижамилова Бахытгул Пердебаевана .Биринши категориялы ревматолог шыпакер.Ис стажы 10 жыл. Соңғы рет 2017 жыл Декабрь Ташкент қаласы Шыпакерлер «малакасын» асырыу институтында «малакасын» асырып келген.

Шыпакер Ергалиева Майра Максутовна .Екинши категориялы ревматолог шыпакер. Ис стажы 4 жыл.

Бөлим үлкен мийирбийкеси Абсаттарова Клара. Жоқары категориялы.

Бөлимде улыўма 8 мийирбийке хызмет көрсетеди. Соннан 4 мийирбийке жоқары категориялы. 2 екинши категориялы. 2 мийирбике ис стажы жетпегенлиги себепли категорияға ийе емес.

Хəзирги ўақытта бул бөлим қəнийгестирилген стандарт тексериў ҳəм емлеў усыллары менен тəмийнленген.

Ревматология бөлиминде

Ревматоидный артрит, Остеоартроз, Болезнь Бехтерева, Подагра, Реактив артрит.

Бириктириўши тоқыма системалы кеселликлери: Системная красная волчанка, Системная склерадермия, Дерматомиозит ҳ.т.б

Артырылған хəм туўма жүрек нуқсанлары.

 басқада сүйек-булшық ет кеселликлерди ерте анықлаў(диагностика) ҳəмде емлеўде заманагөй усыллардан пайдаланылады.

Тексериў усылларынан: Көкирек қəпеси рентгеноскопиясы ҳəм рентгенографиясы.

Омыртқа пағанасы ренгеноскопиясы ҳəм рентгенографиясы.

Компьютерная томография.

ЭКГ.

ЭХОКГ.

УЗИ.

Лабаратор тексериў усылларынан: — УКА. УСА. Восп проба. Биохимиялық анализлер ҳ.т.б. ўсыллары қолланылады.

Бөлимде наўқаслардың тексерилиўи ҳəм емлелениўи ушын барлық қолайлы шəрəятлар жаратылған.

Бөлимде Бириктириўши тоқыма кеселликлерин емлеўде Пульстерапиянын бирқанша түрлери: Мини пульстерапия, Классическая, Комбинированный пульстерапия(Солумедрол, Солумедрол+ Циклофосфан)манипуляциялары өткериледи.

Ретуксимаб (Мабтера) менен Ревматоидный артрит кеселлерге пульстерапия өткериў.

Бириктириўши тоқыма кеселликлери диагностикасында биопсия алыў.

Буўын кеселликлеринде Локал дəрилик затларды физиотерапевтик метод жəрдеминде жибериў усыллары да қолланылады.

Соның менен бирге Ташкент Педиатриялық Медициналық институты клиник ординаторларын Ревматология қəнийгелиги бойынша таярлап келмекте.

Бөлимге тийисли көп берилетуғын сораўлар:

Ревматизм деген не?

Ревматизм инфекцион –аллергик кеселлик болып,себепшиси В гемолитик стрептакок есапланады.

Ревматизмнин асқынған формалары дегенде не тусиниледи?

Ревматизм кеселлиги тийкарынан жоқары ем алыў жоллары кеселликлери (фарингит, Ангина)нен соң келип шығады. Сол кеселликлерди уақытында хəм тууры дауаланбаса– жүрек нуқсанларына алып келеди( Митрал, Аортал клапан жетиспеўшиликлери).

Ревматизм кеселлигин қалай алдын алыуға болады?

Бул ушын ауыз бослығы санациясы –аўыз бослығында кариоз тислер болса уақытында емлетиу.

Жоқары дем алыу жоллары кеселликлерин уақтында емлеў.

Мəусимге мууапық кийиниу керек.

Подагра қандай кеселлик?

Бул кеселлик аристократлар кеселлиги деп есапланып,зат алмасыу бузылыуы нəтийжесинде қанда мочевая кислота асып кетиуи менен кешетуғын кеселлик.