Жарақат ақыбетлери ҳәм ортопедия

Травматология ҳәм ортопедия бөлими тарийхы.

Травматология ҳәм ортопедия бөлими 1969-жылы 30 орынлы болып №1 Республикалық емлеўханада ашылған. Бөлим баслығы етип Д.Г.Карибаев тайынланған. 1977-жылы бөлим еки бөлимге бөлинген, Яғный Траматология бөлими 40 орынға мөлшерленген болып Д.Г.Карибаев басқарған, Ортопедия бөлими 30 орынға С.Торемуратов басшылығында бөлинди. Соң 1985-жылы травматология ҳәм ортопедия бөлимлери қайта қосылып, бөлимге Д.Г.Карибаев басшылық етип келди. Бөлимлердиң қысқартылыўы себебли травматология-ортопедия Нейрохирургия бөлими менен Нейротравматология бөлими 30 орын болып қалды. Бөлимге Д.Г.Карибаев, Республикасына мийнети синген медицина хызметри, жоқары категориялы шыпакер Ж.С.Алланиязовлар басшылық етип келди. 2002-жылы Нейротравматология бөлимине Г.Халмуратов, соң Ж.С.Алланиязов және басшылық етти. 2005-жылдан баслап бөлимди Р.М.Бегалиев басшылық етти. 2015-жылы бөлимди 50 орынға кеңейтирилип, Нейрохирургия бөлими 25 орын болып, ал Травматология жарақатлар ақыбетлери ҳәм ортопедия бөлими 25 орынлы болып шықты.

Жарақат ақыбетлери ҳәм ортопедия бөлими баслығы жоқары категориялы шыпакер, Ден саўлықты сақлаў министрлигиниң бас травматолог-ортопеди Рустем Махсетбаевич Бегалиев. Бөлим Хирургия корпусының 1-этажында жайласқан, 25 орынға ийе. Бөлимде 3 шыпакер-жоқары категориялы шыпакерлер А.Абдиров ҳәм А.Садуллаевлар ислейди.

Бөлимде травматология ҳәм ортопедия бойынша барлық операциялар исленбекте.

-сынықларға.

-туўма деформацияларға,

-питпенген сынықларға,

-буўынларға,

-синирлерге-связкалар,

-аяқ сүеклерин созыў.

-Уршық, тизе буўынларын эндопротез операциялары,

-көкирек рахиттен кейинги деформацияларда.

-қол ҳәм аяқлардын пластика операциялары.

Бөлимде физиотерапия емлери жақсы жолға қойылған.